Бүгин Нөкис қаласындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (манеж) «Спорт-саламатлық гиреўи!» сүрени астында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине бағышланып шөлкемлестирилип атырған  республикалық Спартакиаданың Қарақалпақстан Республикалық басқышы басланды.

Спартакиаданың ашылыў мәресиминде Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, туризм ҳәм спорт бас басқармасының баслығы Р.Зарикеев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстанда спорт тараўында өзлериниң салмақлы үлеслерин қосқан бир қатар спорт нураныйларына Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети жанындағы Өзбекстан спорт шөлкемлери Нураныйлар кеңеси тәрепинен таярланған «Ўзбекистон спорт фахрийси» көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.

Спартакиадада республикамыздың қала ҳәм районларынан дүзилген командалар арасында тараўлық кәсиплик аўқамлары системасындағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған хызметкерлер арасында спорттың стол тенниси, волейбол, шашка, шахмат, минифутбол түрлери бойынша жарыс өткерилмекте.

Буннан гөзленген баслы мақсет – хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға кеңнен тартыў, спорт-саўалландырыў илажлары арқалы денсаўлықларын тиклеўге жәрдем бериў, спорттың ғалабалық түрлерине қамтыў, хызметкерлерди ҳәр қыйлы кәсиплик кеселликлеринен спорт ҳәм саламат турмыс тәризи тийкарлары арқалы қорғаў болып есапланады.

Жеңимпазлар 10-октябрьден  25-октябрьге шекем Үргениш қаласында болып өтетуғын ўәлаятлараралық аймақлық басқышта Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты командалары арасындағы жарысларға қатнасыў ушын жоллама алады.

Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен арнаўлы диплом, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(C.Шодиевтың түсирген сүўретлери)