Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен ҳәр жылы турақлы түрде 14-январь «Ўатан қорғаўшылар күни» байрамы қарсаңында «Мәртлер қорғайды Ўатанды» атамасында таңлаў шөлкемлестирилип келинбекте.

11-январь күни пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде усы таңлаўдың республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан жигирмаға шамалас талантлы жаслар қатнасты. Онда ана-Ўатанымызды, миллий армиямызды жырлаўшы қосықлар атқарылды.

Тәжирийбели төрешилер тәрепинен қатнасыўшылардың атқарыўшылық шеберлиги айрықша деп табылған шымбайлы жас жыраў Әдилбек Бахтыбаев «Әскер жигит» қосығын қобызда атқарып, биринши орын алды. Сондай-ақ, илажда Елликқала районынан  Ҳ.Абезов «Анажаным-Өзбекистаным» қосығы менен,  Нөкис қаласынан Р.Юсупов «Мухаддес Ўатан» композициясы менен қатнасып екинши,  Нөкис районынан Ш.Турсынбаев «Ўатан сақшысы», Қанлыкөл районынан Р.Зарлиқов «Ана-Ўатаным», Қоңырат районынан  С.Санияров «Ўатан» қосықларын атқарып, үшинши орынларды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған Диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Таңлаўға  Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов қатнасты.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы