Жатақхана менен тәмийинленбеген ҳәм өзине, соның менен бирге, ата-анасына (нызамлы ўәкиллерине) тийисли болмаған жайда ижарада жасайтуғын мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары студентлериниң 60 процентине олар тәрепинен төленетуғын айлық ижара төлеминиң 50 проценти Мәмлекетлик бюджет есабынан төлеп бериледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-апрельдеги «Жаслардың исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигине көмеклесиў, оларды социаллық қорғаў және бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында көрсетип өтилген.
Бунда:
– ижара төлеминиң төлеп берилетуғын бөлими Ташкент қаласында – базалық есаплаў муғдарының 1 есеси, басқа аймақларда – базалық есаплаў муғдарының 0,5 есесинен көп болмаўы керек;
– ижара төлеминиң төлеп берилетуғын бөлими биринши гезекте жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерине, өрнек болатуғын ҳәм белсенди студентлер ушын төлеп бериледи;
– жоқары оқыў орынлары тәрепинен олардың бюджеттен тыс қаржылары есабынан ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын басқа студентлерге де айлық ижара төлеминиң бир бөлеги төлеп берилиўи мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.