Хабарыңыз бар, 2021-2022-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине талабанларды онлайн дизимге алыў Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен әмелге асырылды және 1-басқыш имтиханлары жоқары оқыў орынлары тәрепинен өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 22-июньдағы ПҚ-5157-санлы қарарына муўапық, 2-басқыш имтиханлары, яғный шет тили пәнинен тест сынақлары Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткериледи.
Шет тили пәнинен тест сынақлары 28-29-август күнлери 3 сменада өткерилиўи белгиленген болып, талабанлар тест сынағында қатнасыў ушын рухсатнаманы magistr.edu.uz сайтынан жүклеп алыўы мүмкин.
Бунда рухсатнамалар Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Мәмлекетлик тест орайына усынылған мағлыўматлар тийкарында қәлиплестирилген болып, жоқары оқыў орынлары тәрепинен қәнигелик пәни бойынша өткерилген имтиханда неше балл алыўына қарамастан рухсатнама шыққан барлық талабанлар тест сынақларында қатнаса алады, деп жазбақта Мәмлекетлик тест орайы.
Талабанлардан тест сынағы өткерилетуғын аймаққа шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм тест сынағында қатнасыў ушын рухсатнама менен белгиленген ўақыттан кеминде ярым саат алдын келиўи соралады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.