Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-июль күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Елбасыны туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт ҳәм үлкен табыслар, дос Қазақстан халқына тынышлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Нурсултан Назарбаевтың заманагөй Қазақстанды қурыў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўдағы айрықша орны, Өзбекстан-Қазақстан жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў  және регионда турақлылық ҳәм избе-из  раўажланыўды тәмийинлеўге қосып атырған үлеси айрықша атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды. Саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, туризм тараўларындағы тийкарғы жойбарларды, мәдений-гуманитарлық тараўдағы биргеликтеги бағдарламаларды алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, регионаллық күн тәртиби, бәринен бурын, Аўғанстанда кескинлесип атырған жағдай бойынша пикир алысылды.

Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси, соның ишинде, Қазақстанның Биринши Президенти Ҳүрметли басшысы болған Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўын өткериў мәселеси көрип шығылды.

Еки дос мәмлекет жетекшилериниң телефон арқалы  сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай қызғын, исенимли ҳәм дослық руўхта өтти.

 

ӨзА