Бажыхана уйымлары тәрепинен қолдан таярланған алкоголь өнимлериниң нызамсыз түрдеги саўдасына шек қойылды. Нөкис қаласында усындай «жумыс» пенен шуғылланып атырған «исбилермен»ге тийисли жасырын цех анықланды.

Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүрес ҳәм бажыхана аудити бөлиминиң хызметкерлери «Нөкис вино заводы» АЖ ўәкиллери менен биргеликте оператив илаж өткерди. Илаж даўамында, пуқара Х.С. 168 шийшеде қолдан таярланған 83,4 литр «Қаратаў» маркалы арақ өнимлерин «шәртли қарыйдар»ға 2,5 миллион сум ақшаға сатып атырған ўақтында илаж қатнасыўшылары тәрепинен иркиўге алынды.

Ҳәзирги ўақытта усы анықланған фактке тийкарланып дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги