Бизнес-омбудсманның  басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте жасларды исбилерменликке тартыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў  мақсетинде  «Ҳәр бир исбилермен-жасларға қол-қанат» принципи тийкарында мийнет ярмаркасы болып өтти.

Онда бүгинги күни бәнтлиги тәмийинленбеген жумыссыз жаслар, ҳаял-қызлар, сыртқы мийнет миграциясынан қайтып келген пуқаралар қатнасты.

Ярмаркада  Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларынан ири өндирислик кәрханалары, сондай-ақ, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери, қурылыс кәрханалары, коммерциялық банклер бос жумыс орынлары менен қатнасты.

Илаж даўамында 497 жасқа жоллама берилип, турақлы жумыс орнына жайластырылды. Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлерине жаслардың бәнтлигин тәмийинлесе, оларға берилетуғын жеңилликлер туўралы түсиник берилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги