Миллий қәдириятларымызды жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў, шаңарақта ҳәм жәмийетте ҳаял-қызлардың орнын беккемлеў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Гендер теңлиги-дәўир талабы» атамасында шығармалар таңлаўы болып өтти.

Усы жыл 28-май күни Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясының тастыйықланыўы мүнәсибети менен «Гендер теңлиги мәселелери-педагоглар көзқарасында» сүрени астында өткерилген таңлаўдың ашылыў салтанатында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң проректоры С.Алаўатдинов, университет ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, университет Ҳаял-қызлар Кеңесиниң баслығы И.Сейтназарова шығып сөйлеп, таңлаўдың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде соңғы жылларда Гендер теңлик мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, тараўға байланыслы 25 нызам ҳүжжети қабыл етилди. Олий Мажлис Сенатында Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети, Сенат Баслығының басшылығында Өзбекстан Республикасы Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясының шөлкемлестирилиўи Өзбекстанда гендер теңлик мәселелерине үлкен итибар қаратылып атырғанын аңлатады.

Таңлаў жуўмағында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетиниң үлкен оқытыўшысы Света Аманиязова биринши, усы университеттиң кадрлар бөлиминиң қәнигеси Алмагүл Ақназарова, психолог Гүлчехра Рейимбаевалар екинши, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика-психология кафедрасының доценти Замира Шеримбетова, университет педагогика-психология кафедрасының доценти Наргиза Сағиндиқова, қарақалпақ тил билими кафедрасының ассистент-оқытыўшысы Айшолпан Орзазымбетова үшинши орынларды ийеледи.

Таңлаўдың сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги