19-декабрь күни Өзбекистан мәмлекетлик Консерваториясында Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, «Буюк хизматлари учун» ордени ийеси, елимиз сүйген көркем өнер хызметкери, белгили қосықшы, актриса, жәмийетлик ғайраткер Айымхан Шамуратованың туўылғанына 100 жыл толыўы мүнәсибети менен Еслеў концерт бағдарламасы өткерилди.

Онда Өзбекистан Республикасы Мәденият министри, Өзбекистан мәмлекетлик Консерваториясының ректоры Б.Сайфуллаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратовлар шығып сөйлеп, А.Шамуратова қарақалпақ мәдениятында өшпес из қалдырған зәбердес көркем өнер ғайраткери екенлиги, оның атқарыўындағы жаңлаған көплеген қосық ҳәм ариялар, театр сахнасында атқарған көркем ҳәм тәкирарланбас роллери халқымыздың жүрек төринен орын алғанлығы кең түрде атап өтилди.

А.Шамуратова репертуарындағы «Гүл шырайлы», «Қосық айтсам», «Айсәнемниң монологи» «Әўезим», «Муңлы қыз», «Шахсанемниң ариясы», «Адыңнан», «Бозатаў» қосықларын көркем өнер ғайраткерллери кәмине жеткерип атқарып шықты.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги