Миллий баспасөз орайында 19-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хызметиниң гезектеги брифинги болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығының орынбасары – Президенттиң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов өткен ҳәпте де мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында болып өткен ҳәм усы ҳәпте де күтилип атырған әҳмийетли илажлар ҳаққында жергиликли ҳәм сырт елли журналистлерге қосымша мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, өткен ҳәпте де мәмлекетимиз басшысының жумыс кестеси оғада тығыз ҳәм әҳмийетли илажларға бай болды. Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты, жаслар мәселелери бойынша сын көзқарастан видеоселектор мәжилисин өткерди.

14-апрель күни Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имран Хан менен оғада қызғын ҳәм дослық руўхында өткен видеоәнжуман тәризиндеги ушырасыўда мәмлекетлеримиз бирге ислесиўиниң жаңа бети ушын тырнақ қойылды.

Онлайн-ушырасыўда еки мәмлекеттиң жетекшилери еки тәреплеме бирге ислесиўди жедел раўажланыў басқышына алып шығатуғын бир қатар бағдарларды додалады. Соның ишинде, Өзбекстан, Аўғанстан ҳәм Пакистанның қатнасыўында әмелге асырыўға кирисилген Трансаўған темир жолының регионды экономикалық раўажландырыў, қоңсы Аўғанстанда тынышлық орнатыў ҳәм мәмлекетти тиклеў сыяқлы әҳмийетли машқалаға шешим табыўдағы әҳмийетин айрықша атап өтти.

Сол күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы, Швеция сыртқы ислер министри Анн Линде ханым басшылығындағы делегация қабыл етилди. Сөйлесиўде мәмлекетимиздиң ЕҚБШ менен конструктивлик бирге ислесиўин раўажландырыў, Өзбекстан менен Швеция арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Ушырасыўда Анн Линде ханым Өзбекстандағы «темир дәптер», «ҳаял-қызлар» ҳәм «жаслар» дәптерлери де социаллық раўажланыўға қаратылған айрықша тәжирийбе екенин, халық ушын «социаллық лифт» болатуғынын атап өтти.

Президентимиздиң Самарқанд ўәлаятына сапары толық сәўлелендирилди. Брифингте мәмлекетимиз басшысы барған объектлер, ўәлаятта 2021-2022-жылларда әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Илажда Президентимиз быйыл 13-апрель күни қол қойған «Капитал базарды буннан былай да раўажландырыў илажлар ҳаққында»ғы пәрман ҳәм «Капитал базарды тәртипке салыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында» ҳәм «Бюджет процесинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында да сөз етилди.

Брифингте мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында усы ҳәптеде болатуғын илажлардың анонсы, сондай-ақ, халықаралық күн тәртиби бойынша да мағлыўмат берилди.

 

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы