Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының 90 жыллық юбилейи мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқағы Кеңеси тәрепинен театрға Өзбекистанда ислеп шығарылған  «Lacetti»  автомобили ҳәм «Isuzi»автобусы саўға етилди.

– Театрымыз көп жанрлы болып, онда опера, балет, музыкалы драма ҳәм драмалық шығармалар сахналастырылады. Театр жәмәәти ушын өтип баратырған жыл табысларға мол жыл болды. Февраль айында театрға «академиялық театр» статусы берилди.

Юбилей қарсаңында театрда 303 млн сумлық сахнаны жақтыландырыўшы үскенелер орнатылды, 6 млн сумға киши оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды, 90 млн сумлық грим ханалары ушын инвентарьлар алынды ҳәм т.б. Театрдың юбилей сәнесине бағышланған фотоальбомының 325 данасы баспадан шықты.

Театрымыздың балет артисти Айжамал Төлегенова Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы байрамы алдынан «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери», Б.Илясова  «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист» атақларын алыўға мияссар болды.

Театр жәмәәти 27-декабрьден 10-январь күнлери аралығында Жаңа жыл байрамына арналған «Саўға» театрластырылған байрам тамашаларын инам етпекте. Онда қызықлы интермедиялар, белгили  қосықшылырымыз атқарыўында йошлы қосық бағдарламалары ҳәм аяқ ойынлар орын алған.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы