Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстанның Пакистан Ислам Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ойбек Усманов пенен ушырасыўда Пенжаб университети менен бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер болып өткен еди.

 

Пакистан Глобаллық ҳәм стратегиялық изертлеўлер орайы баслығы Халид Акрам ҳәм Пенжаб университети вице-канцлери, профессор Муҳаммад Салим Мажар менен елши Ойбек Усманов және институт ректоры Байрамбай Отемуратов, илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор Полатбек Калхановлар онлайн форматта өткерилген ушырасыўда алдағы ўақытларда илимий-педагогикалық жумысларда бирге ислесиў мәселелерин додалады.

 

Бул ҳаққында Пакистан Ислам Республикасының «National Herald Tribune» газетасының 2020-жыл 25-декабрь күнги санында материал жәрияланды.

 

Илажда Пенжаб университети ўәкиллери студентлер, докторантлар ҳәм профессор-оқытыўшыларды алмасыў, 6 айдан 1 жылға шекемги бийпул ҳәм барлық қәрежетлери қапланатуғын оқыў сапарларын шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирип өтип, алдағы исленетуғын әмелий илажлар келисип алынған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.