Шоманай районындағы “Ер Азизбек” фермер хожалығына тийисли қусшылық комплекси қаржы қыйыншылықлары себепли аз ўақытқа өз жумысын тоқтатқан еди. Бирақ, бүгинги күнде бул комплекс жаңадан өз жумысын баслады.

“Чимбой олтин тухумлари” ЖШЖ менен бирге ислесиў орнатылып, комплекс ижара тийкарында усы кәрханаға берилди. “Чимбой олтин тухумлари” ЖШЖ тәрепинен комплекске 25 мың бас қус алып келинип, оларды бағыў жумыслары басланды.

Жойбардың иске қосылыўы менен 10 жаңа жумыс орны жаратылды. Бул жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын жақсылайды ҳәм районның экономикасын раўажландырыўға үлес қосады.

– Шоманай районында да жумысымызды жолға қойдық,-дейди “Чимбой олтин тухумлари” ЖШЖ Акбар Қошқаров. – Бул жерде ҳәзир 25 мың таўықты гөш өнимлери ушын бағып атырмыз. Бул ушын барлық шараятлар жаратып берилди. Ишки ҳәм сыртқы базарға гөш өнимлерин таярлап сатамыз. Ҳәзирги күнде гөш өнимлерин Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларының базарларына шығарып турыппыз.

Қус гөшлерине талап Хорезм ўәлаятынан да болып турыпты. Арзан ҳәм сапалы өним болса, әлбетте, базары да шаққан болады. Биз усы бағдарда жумысларымызды және де кеңейтиўге ҳәрекет етип атырмыз.

“Чимбой олтин тухумлари” ЖШЖның райондағы қусшылық комплексин қайта иске қосыўы тек ғана экономикалық жақтан емес, ал социаллық жақтан да үлкен әҳмийетке ийе. Себеби ол жергиликли халықтың жумыс пенен тәмийинлениўин жақсылаўға ҳәм районның азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге хызмет етеди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги