Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жылы  12-13-декабрь күнлери Хорезм ўәлаятына еткен сапары ўақтында Әмиўдәрьяның үстинде Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан Республикасы менен байланыстыратуғын 413 метрлик көпир, Қараөзек районынан Шават районына шекемги 79 километрлик темир жол қурылысы бойынша тапсырма берген еди.

Бүгин еки аймақты бирлестиретуғын қоспа көпирдиң тырнақ тасы қойылды. Жаңа көпир қурылысы басланғанлығы мүнәсибети менен салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары Очилбой Раматов, Хорезм ўәлаятының ҳәкими Фарҳод Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев ҳәм басқалар сөзге шығып, бул көпир тек ғана еки аймақ емес, ал елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы және Әмиўдәрья районы республикамыздың басқа аймақларынан үзилип қалған, сондай-ақ, темир жол тармақларына да тиккелей байланысыў имканияты жоқ. Автомобиль транспортының қатнаўы да шекленген, себеби Әмиўдәрьядан өтиў ушын тек ғана понтон көпиринен пайдаланылады.

Понтон көпири 1938-жылы қурылған болып, ҳәзирги ўақытта ол ескирген ҳәм пайдаланыўға жарамсыз жағдайға келип қалған. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Әмиўдәрья районы республикамыздың басқа аймақларынан транспорт ҳәрекети жағынан ажыралғаны регионның социаллық-экономикалық раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетип ғана қалмай, халықтың мүтәжликлери ушын керекли болған халық хожалығы жүклерин тасыў қәрежетлери есесине баҳалардың артыўына ҳәм бул аймақлардан өним экспорт етилиўи ушын 160 километр аралыққа транспортта қосымша жүриўге туўра келеди.

Жаңа көпирдиң қурылысы Россия ҳәм Қазақстаннан жүклерди тасыў аралығын 240 километрге, ўақтын болса 6 саатқа қысқартады. Солай етип, жүк тасыў көлеми еки есеге көбейеди ҳәм жылына 25 миллион тоннаны қурайды. Республикамыздың жоқарыда атап өтилген регионларының раўажланып барыўы менен экономикалық нәтийжелилик жылына 100 миллиард сумға көбейеди. Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасынан Хорезм ўәлаятына инерт материалларды жеткерип бериў қәрежетлери азаяды, бул болса социаллық объектлер ҳәм инфраструктураларды қурыў қәрежетлерин кемейтеди.

Усыныс етилип атырған жаңа көпирдиң стратегиялық әҳмийетин айрықша атап өтиў тийис. «Өзбекстан темир жоллары» АЖ тәрепинен көпир қурылатуғын орында дәрья кеңлигиниң минимал өлшемлери, жасалма имаратлар ҳәм бузылып атырған объектлер саны және олардың түри, сондай-ақ, коммуникациялар өткерилиўин есапқа алған ҳалда әмелге асырылатуғын жойбардың 4 варианты ислеп шығылды ҳәм олардан ең қолайлысы таңланды.

Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан Республикасы менен байланыстыратуғын темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпирин қурыў жумыслары 2022жыл сентябрь айында жуўмақланыўы режелестирилген.

 

Аҳмаджон ШОКИРОВ,

ӨзАның хабаршысы