Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 3-августтағы қарары тийкарында Тахтакөпир районында Қаракөлшилик илимий-нәсилшилик тәжирийбе станциясы шөлкемлестирилген еди.
Район ҳәкими Ж.Адиловтың депутатлар ҳәм халыққа жоллаған мүрәжатында атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта усы станцияның жумысларын шөлкемлестириў ушын 4,2 млрд сумм қаржы ажыратылып, 1056 бас сүр қойлары алып келинди.
Қаракөлшилик илимий-нәсилшилик тәжирийбе станциясы ушын районда 111,4 гектар (соннан 100,9 гектар егислик) жер майданы ажыратылды.
Станцияның баслы мақсети 2025-жылға шекем қаракөл қойларының бас санын 10 мыңға жеткериў, оннан сапалы өним алыў, сүр қойларының санын көбейтиў ҳәм сүр терилерин экспорт етиў арқалы қарақалпақ брендин жаратыўдан ибарат.
Сессия басланыўынан алдын районда ислеп шығарылып ҳәм өндирилип атырған санаат, аўыл хожалығы өнимлери көргизбесинде қарақалпақ сүр терилеринен ислеп шығарылып атырған өнимлер көпшиликтиң дыққатын өзине қаратты.
Бизге мәлим етилиўинше, қарақалпақ сүр териси дүньяда ең сапалы терилерден болып, оның экспорт баҳасы жоқары болып есапланады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.