Быйыл жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди қабыллаў онлайн тәризде Мәмлекетлик тест орайы ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады. Бул онлайн қабыллаў системасы абитуриентлердиң пуқаралық паспортындағы физикалық тәреплердиң идентификациялық номери (ПиНФЛ) менен байланыстырылады. Сол себептен, жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырғанда 16 жасқа толған питкериўшилер паспорт алыўы шәрт болып табылады.

 

ӨзР Халық билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, елимизде карантин шеклеўлери енгизилгени себепли пуқаралық жасына (16 жас) жеткен 41 000 нан аслам питкериўшилер пуқаралық паспортын өз ўақтында алыў имканиятына ийе болмаған.

 

Сонлықтан, министрлик питкериўши жаслар ҳәм олардың ата-аналарына жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди қабыл етиўде 16 жасқа толған питкериўшилердиң паспорт алыўы зәрүр екенлигин ескерте отырып, бул мәселеде Ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармаларына мүрәжат етиўди сорайды.

 

Еслетип өтемиз, жоқары оқыў орынларына қабыллаў процесслери усы жылдың 20-июнь күнинен баслап 20-июль сәнесине (сол күни де) шекем даўам етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.