Президент мектеплерине оқыўшыларды қабыллаў келеси оқыў жылында өткериледи. Бул ҳаққында Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Буған жүзеге келген пандемия жағдайынан келип шығып, карантин дәўиринде жас әўладтың денсаўлығын қорғаў, пандемия пүткиллей сапластырылмаған шараятта ержетпеген оқыўшылардың үлкен сыйымлылыққа ийе имаратларда сайлап алыў имтиханлары ўақтында узақ ўақыт қалып кетиўине жол қойып болмаўы, сондай-ақ, Агентликтиң бирге ислесиўшиси – Cambridge Assessment шөлкеми ўәкиллериниң елимизге карантин дәўиринде келиўин белгиленген сәнелерде шөлкемлестириў имканиятының жоқ екенлиги тийкарғы себеплерден екенлиги атап өтилген.

 

Солай етип, басқа қалалардағы сыяқлы Нөкис қаласында жумыс алып барып атырған Президент мектебине 2020-2021-оқыў жылы ушын оқыўшыларды 5-классларға қабыллаў имтиханлары 2021-жылға қалдырылып, 2021-2022-оқыў жылында оқыўшылар 5- ҳәм 6-классларға қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.