Германиялы илимпазлар фосфат кальций тийкарында сүйеклерди бир-бирине байланыстырыўшы ҳәм сүйеклер өзин-өзи тиклеў қәсийетине ийе болған ҳәм имплантатлар жасаўда пайдаланатуғын цемент жаратты. Бул изертлеўдиң нәтийжелери жақында Scientific Reports журналында жәрияланды.
Инсан организми көплеген жарақатларды ҳәм жараларды өзи емлей алады, бирақ сүйеклер қатты жарақатланғанда хирурглердиң араласыўы зәрүр болады. Бундай ўақытта шыпакерлер жарақатланған жерде сүйеклердиң түри ямаса бир бөлегин болса да тиклейтуғын материалларды қолланады.
Фридрих Шиллер атындағы Йена университетиниң илимпазлары Вюрцбург университетиндеги кәсиплеслери менен биргеликте сүйектиң орнын басатуғын фосфатлы кальцийге тийкарланған ҳәм углерод талшығы қолланылған цемент жаратты.
Талшық жарақатқа шыдамлылықты арттырады, сондай-ақ, өзин-өзи тиклеўди тәмийинлейди, жарақатланған жерлер еркин түрде тартылады ямаса питеди. Усы әҳмийетли сапа себепли, жаңа материалдан таярланған имплантатларды оңлаў ямаса алмастырыўға зәрүрлик болмайды.
Кальций фосфатлы цемент медицинада алдыннан пайдаланып келинеди ҳәм өзиниң жақсы тәреплерин көрсете алған. Бул материал сүйеклердиң қәлиплесиўине жәрдем береди ҳәм қан тамырларының өсиўин тәмийинлейди. Қалаберсе, оны организмге паста көринисинде жибериў де мүмкин. Оның ийилиўшеңлиги сүйек структурасы менен байланысып кетиў имканиятын береди.
Изертлеў нәтийжелери жаңа материалдың салмаққа да шыдамлылығын ҳәм өзи еркин түрде тиклене алынатуғынын көрсетти. Илимпазлар өзлери жаратқан материал сүйек имплантантлары, сондай-ақ, сүйеклердиң жүк көтеретуғын элементлерин таярлаўда кеңнен қолланыўына исеним билдирмекте.
ӨзА