Студентлерден карантин ўақтында шәртнама пулын төлеўди талап етиў, болмаса имтиханларға киргизбеў дурыс па? Бул сораўға Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы Абдусамад Маманазаров жуўап берди, деп жазады xs.uz сайты.
«Карантин ўақтында студентлерге аралықтан билим бериў жолға қойылған, бирақ студентлерди шәртнама шәртлерин орынламағаны ушын студентлер қатарынан шетлетиў күн тәртибине киргизилмеген.
Шәртмана пулын төлемеген студент имтиханға киргизиледи, бирақ курстан курсқа өткерилгени ҳаққында буйрық рәсмийлестирилмейди», дейди Маманазаров.
Қарақалпақстан хабар агентлиги