21-22-апрель күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «География илими ҳәм оны оқытыўдың актуаль мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-теориялық онлайн конференциясы болып өтти.

Ҳәзирги карантин шараятында қатнасыўшылардың өз үйлеринен шықпастан, усы илажға белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде илимий-теориялық конференция «Zoom» платформасында онлайн форматта өткерилди.

География илими ҳәм оны оқытыўдың актуаль мәселелери бойынша илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин кең түрде додалаў ҳәм усыныслар бериў мақсетинде шөлкемлестирилген илимий илажды институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры Полатбек Калханов ашып берди.

Еки күн даўам еткен илимий-теориялық конференцияда улыўма 20 дан аслам баянатлар жасалды.

Конференцияға Өзбекстан бойынша илимий изертлеў мәкемелери, жоқары оқыў орынлары, улыўма ҳәм орта-арнаўлы билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, илимий излениўшилер тәрепинен жазылған 100 ден аслам илимий мақала ҳәм тезислер келип түсти.

Конференцияда география пәни ҳәм оны оқытыўда педагогикалық технологиялар, сондай-ақ, географияның актуаль машқалаларын үйрениўди кең жәмийетшиликке усыныў, анализлеп улыўмаластырыў ҳәм келешектеги атқаратуғын ўазыйпалары белгилеп алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.