USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫ ТАРҚАЛЫЎЫНА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎГЕ ТАРТЫЛҒАН МЕДИЦИНАЛЫҚ ҲӘМ САНИТАРИЯЛЫҚ-ЭПИДЕМИОЛОГИЯЛЫҚ ХЫЗМЕТИНИҢ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Дүнья көлеминде медициналық ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық хызмет көрсетиўши хызметкерлер коронавирус инфекциясы (COVID-19) тарқалыўының алдын алыў, халықтың саламатлығы ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеўде пидәкерлик көрсетпекте.

Пуқаралардың турмысын ҳәм денсаўлығын қорғаўға қосып атырған үлкен үлеслерин ҳәм пидәкерлик хызметлерин атап өткен ҳалда,  коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў жумысларына тартылған медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмети ҳәм басқа да хызметкерлерди қосымша социаллық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. Коронавирус инфекциясынан кеселленген наўқаслар менен байланысатуғын, кеселленген наўқаслар жайластырылған объектлерде ҳәм коронавирус инфекциясын анықлаў лабораторияларында жумыс алып барып атырған медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмети ҳәм басқа хызметкерлерге ҳәр 14 күнлик жумыс дәўири ушын төмендеги муғдарларда (салықлардан тысқары) арнаўлы қосымша хошаметлеў төлеми (кейинги орынларда – арнаўлы төлем) белгиленсин:

врач хызметкерлерге, врач-лаборантларға – 25 миллион сум;

орта медицина хызметкерлерине, мийирбийке-лаборантларға – 15  миллион сум;

киши медицина хызметкерлерине – 10 миллион сум;

басқа да хызметкерлерге – 5 миллион сум.

Кризиске қарсы гүресиў республикалық комиссиясы (А.Н.Арипов) бир ҳәпте мүддетте арнаўлы төлемлерди алатуғын усы бәнтте нәзерде тутылған илажларға тартылған басқа да хызметкерлердиң қосымша дизимин тастыйықласын.

  1. Арнаўлы төлемлер карантинге әмел ететуғын мүддет даўамында, соның ишинде, усы жылдың март айы ушын, хызметкердиң ҳәр 14 күнлик жумыс дәўири жуўмағында төлеп берилетуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Коронавирус инфекциясын жуқтырған медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмети ҳәм басқа хызметкерлердиң денсаўлығына зыян жеткерилгенлиги ямаса олардың аўыр жағдайға түсиўи ҳәм денсаўлығы тикленбегенлиги мүнәсибети менен бир жола берилетуғын қосымша төлемлер муғдарлары қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына тартылған, кеселленген наўқаслар менен байланысатуғын медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмети ҳәм басқа да хызметкерлерди жоқары қорғаў дәрежесине ийе болған жеке қорғаныў қураллары комплекти менен турақлы түрде тәмийинлесин.
  4. Усы қарардың орынланыўы менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Кризиске қарсы гүресиў қоры қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 26-март

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2020-жыл «26»-марттағы ПҚ-4652-санлы қарарына

қосымша

Коронавирус инфекциясын жуқтырған медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмети ҳәм басқа  хызметкерлердиң денсаўлығына зыян жеткерилгенлиги ямаса олардың аўыр жағдайға түсиўи ҳәм денсаўлығы тикленбегенлиги мүнәсибети менен бир жола берилетуғын қосымша төлемлердиң

МУҒДАРЫ

Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў шеңберинде наўқаслар менен ислескен ўақтында коронавирус инфекциясын жуқтырып алған медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмети ҳәм басқа хызметкерлерге төленетуғын бир мәртелик төлем муғдары  100 миллион сум
Коронавирус  инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў шеңберинде наўқаслар менен ислескен  ўақтында коронавирус инфекциясын жуқтырыў нәтийжесинде аўыр жағдайға түскен ҳәм денсаўлығы тикленбеген жағдайда медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмети ҳәм басқа хызметкерлерге ямаса олардың шаңарақ ағзаларына төленетуғын бир мәртелик төлем муғдары  250 миллион сум

 

Түсиник. Бул төлемлер нызам ҳүжжетлери, сондай-ақ, жәмәәтлик шәртнамалар және басқа да локал ҳүжжетлер ҳәм мийнет шәртнамасына муўапық хызметкердиң денсаўлығына зыян жеткерилгенлиги ямаса басқа ақыбетлер пайда болыўы мүнәсибети менен төленетуғын төлемлерди сақлап қалған ҳалда қосымша түрде әмелге асырылады.

 

 ӨзА