Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-март күни коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўди күшейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Илаж алдынан мәмлекетимиз басшысы усы мәселе бойынша халқымызға және бир мәрте мүрәжат етти.
– Бүгинги күнде пүткил дүнья жүзи, адамзат аўыр күнлерди басынан өткермекте. Коронавирус инфекциясы 190 нан аслам мәмлекетке тарқалып, пандемияға айланды. Тилекке қарсы, бул кеселлик мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди.
Сол себепли, Бас министрдиң басшылығында республикалық комиссия дүзилип, Кризиске қарсы гүресиў қоры шөлкемлестирилди.
Пандемияға қарсы гүресиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў ушын қорға 10 триллион сум муғдарында қаржы қаратылды.
Бул апатшылықтан халқымызды сақлаў бойынша мәмлекет көлеминде тәсиршең илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, кеселлик анықланған дәслепки күннен-ақ барлық билимлендириў ҳәм диний мәкемелердиң жумысы, халықаралық ҳәм ишки жәмийетлик транспортлардың қатнаўы тоқтатылды.
Адамлар менен толы болатуғын орынлар, атап айтқанда, барлық буйым базарлары, улыўма аўқатланыў шақапшалары ўақтынша жабылды.
Мүлкшилик түрине қарамастан барлық кәрхана ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлерине дем алыс берилип, аралықтан жумыс ислеўге өткерилмекте.
Мәмлекеттиң барлық медициналық мәкемелери күшейтилген жумыс режимине өткерилип, 11 медицина мәкемеси ҳәм 97 санаторий, дем алыў орны ҳәм жатақханалар карантинге қәнигелестирилди.
Усы вируслы инфекцияны тоқтатыў, тарқалыўының алдын алыў ҳәм профилактика етиў мақсетинде үй шараятында 80 мыңға шамалас, стационарда 12 мың пуқара карантинге алынған.
Пандемияға қарсы гүресиў бойынша 100 мың әтирапында медицина хызметкерлери мобилизацияланып, оларға ҳәкимиятлар, ишки ислер системасы, Қорғаныў ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери, Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери жақыннан жәрдемлеспекте.
Сондай-ақ, сырт елдеги пуқараларымызды қайтарыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Дәслеп оларды Қытайдан эвакуациялаған болсақ, ҳәзирги ўақытта барлық мәмлекетлерден алып келинбекте.
Сырт елдеги барлық дипломатиялық ўәкилханаларымызда штаблар шөлкемлестирилген. Соңғы 10 күн ишинде 20 чартер рейслер әмелге асырылды. Россия, Түркия, Иран, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қубла Корея, Египет, Малайзия, Ҳиндстан, Таиланд, Индонезия ҳәм Германиядан төрт мыңға шамалас пуқараларымыз алып келинди, қоңсылас мәмлекетлер менен шегараларымыздан 80 мыңнан аслам ўатанласларымыз өткерилди ҳәм елимизде шөлкемлестирилген профилакториялық, санаториялық ҳәм басқа да емлеў орынларында карантинге алынды.
Буннан тысқары, дипломатиялық миссияларымыз Россия, Қытай, Сингапурдан экспресс-тестлер, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм гуманитарлық жүклерди алып келиў бойынша әмелий жумысларды орынламақта, алдынғы мәмлекетлердиң жетекши ҳәм тәжирийбели қәнигелерин тартыў бойынша ҳәрекетлер күшейтилди.
Бир нәрсени анық түсинип алыў керек. Бизлерде анықланған кеселлердиң саны азғо, 100 ге де жетпейди, қәўетерге орын жоқ, деп қәтержем болыў қыянет есапланады.
Себеби, коронавирус маған жуқпайды деп бийпәрўа жүргенлер тек ғана өзиниң емес, ал ата-анасы, перзентлери, әтирапындағылар, қала берсе, пүткил халқымыздың денсаўлығы ҳәм өмирин үлкен қәўипке қойыўды терең аңлап жетиўи керек.
Мәмлекет тәрепинен көрилип атырған илажлар адамларымыздың кеселликти жуқтырып алыў итималын қолдан келгенинше шеклеў, вируслы инфекцияның тарқалыўын сапластырыўға қаратылған.
Медицина қаншелли раўажланған болмасын, мәмлекет оған бир қанша қаржы ажыратпасын, адамларымыз шыпакерлердиң усынысына әмел етпесе, тәртипли болып, карантин қағыйдаларына әмел етпесе, барлық көрип атырған илажларымыз пандемияға қарсы гүресиў ушын мобилизацияланған жүз мыңлаған пидайы инсанлардың мийнети бийкарға кетиўи мүмкин.
Айырым аймақ басшылары ҳәзирги ўақытқа шекем пуқараларға мүрәжат пенен шығыў ҳәм жүзеге келген жағдайды халықтың арасында түсиндириў илажларын көрмей атыр. Жергиликли телеканаллар, газета ҳәм журналларда, социаллық тармақларда жумыслар керекли дәрежеде шөлкемлестирилмей атыр.
Ўәлаятлық, қалалық ҳәм районлық, 4 сектор басшыларының эпидемиологиялық тынышлық ушын жеке жуўапкер екенлиги ҳаққында қатаң ескертемен. Сизлер коронавирус инфекциясының тарқалыўына жол қоймаў, карантин режимин бузыўдың барлық унамсыз ақыбетлерин халыққа түсиндириў бойынша күни-түни жумыс ислеўиңиз шәрт.
Мәҳәлле пуқаралар жыйынларына да көп шағымларым бар. Орынларда мәҳәлле белсендилериниң роли улыўма сезилмей атыр. Мәҳәлле басшыларының көз алдында айырым пуқаралар көп адамларды жыйнап , дәбдебели мәресим ҳәм илажларды өткериўди даўам еттирмекте.
Мысал ушын, Ферғана ўалаяты Ёзёвон районы Беруний мәҳәллесинде жасаўшы ҳаял Умрадан қайтып келип, үйде карантинде болыў талапларын қопал түрде бузып, ертеңине 120 адамды шақырып, дәбдебели мәресим өткерген. Ақыбетте оның 4 шаңарақ ағзасы инфекция жуқтырғаны анықланды. Және қанша адам кеселленгени еле анық емес.
Сол себепли карантин қағыйдаларын бузғанлығы ушын жаза илажларын күшейтиў ҳаққында парламентимиз қабыл еткен нызамға қол қойдым.
Усы нызамға тийкарланып буннан былай карантин дәўиринде әтираптағы адамлардың денсаўлығы ҳәм өмирин қәўипке қойғанлар 10 жылға шекем еркинен айырылады.
Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў инспекциясы нызам үстинлигин ҳәм жаза сөзсиз екенлигин қатаң тәмийинлеўи шәрт.
Шаңарағы, перзентлери, елиниң тынышлығы, денсаўлығын барлық нәрседен үстин қоятуғын данышпан халқымыз бундай жағдайға түсип қалыўды ҳеш қашан қәлемейтуғынына исенимим кәмил.
Коронавирус пандемиясы пүткил адамзат ушын Жаратқанның берген бир сынағы болып есапланады. Халқымыз бирлесип, шыпакерлердиң барлық усынысы, көрсетпелерине әмел етсе, адамларымыз карантин дәўиринде турмыслық зәрүрликлерсиз өз үйлерин тәрк етпесе, кеселликтиң дәслепки белгилери анықланғанда, оны жасырмай шыпакерлерге өз ўақтында мүрәжат етсе, биз бул кеселликти, әлбетте, жеңемизӘ
Коронавирусқа қарсы гүресиўдеги өзине тән «саўаш майданы»нда медицина хызметкерлери биринши соққыны қабыл етпекте. Әпиўайы ҳақыйқатты тән алыў әдил болады. Наўқасларға өз ўақтында жәрдем берилсе, олар шыпа табады, емлеўханаларды тәрк етеди. Лекин, ақырғы наўқас дүзелмегенше медицина хызметкерлери жумыс орнын тәрк ете алмайды.
Дүнья бойлап, атап айтқанда, мәмлекетимизде шыпакерлердиң өз кәсибине садықлығы, халқымыз, ата-аналарымыз, перзентлеримиздиң денсаўлығы жолында күни-түни ислеп атырған мийнети ҳәммемиз ушын мәртлик үлгиси болмақта.
Сол себепли, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўға қосып атырған үлкен үлеслерин ҳәм пидәкерлик хызметлерин тән алған ҳалда, коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў жумысларына тартылған медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм басқа да хызметкерлерди қосымша социаллық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде айрықша қарарға қол қойдым.
Карантин әмел ететуғын мүддетте коронавирусқа шалынған наўқаслар менен байланыста болған, зыянланған наўқаслар жайластырылған объектлерде жумыс алып барып атырған шыпакерлер, эпидемиологлар ҳәр 14 күнлик жумыс дәўири ушын қосымша 25 миллион сум, мийирбийке ҳәм лаборантларға 15 миллион сум, санитария хызметкерлерине 10 миллион сум ҳәм басқа да хызметкерлерге 5 миллион сум хошаметлеў төлемлери бериледи.
Буннан тысқары, наўқаслар менен ислесиў ўақтында коронавирус жуқтырып алған медицина хызметкерлерине 100 миллион сум муғдарында өз алдына төлем бериледи.
Ҳәр бир медицина хызметкерине айрықша итибар қаратыў, коронавирустан зыянланған наўқаслар менен байланыста болған медицина хызметкерлерин карантинге алыў, оларға мүнәсип шараятлар жаратып бериў зәрүр.
Ҳүрметли медицина хызметкерлери, өз өмири ҳәм денаўлығын гиреўге қойып, пандемия менен гүресип атырған шыпакерлер, мийирбийкелер, санитария хызметкерлерине пүткил Өзбекстан халқы атынан шексиз миннетдаршылық билдиремен.
ӨзА