Коронавирус тарқалыўының алдын алыўдың ең әҳмийетли шәрти карантин қағыйдаларына қатаң ҳәм сөзсиз әмел етиў болып есапланады.
Соның ушын, сырт елден қайтып киятырған ўатанласларымыз, жумысында шеклеўлер орнатылған шөлкемлер ҳәм мәкемелер, исбилерменлик субъектлери ҳәм улыўма усы шеклеўлер тийисли болған барлық субъектлер, физикалық ҳәм мәпдар шахслар мәмлекет тәрепинен белгиленген карантин қағыйдаларын ҳәм талапларын сөзсиз орынлаўын қатаң сораймыз.
Әмелге асырылып атырған кең көлемли түсиник жумыслары ҳәм илажлар, соның ишинде, қыйын шараятта ҳәм жедел түрде сырт елден қайтып киятырған көп санлы ўатанласларымыз ушын республика аймақларында шараятлар жаратылғанына қарамастан, кеше Самарқанд ўәлаятында карантинге алынған орайдан еки пуқара қашып кеткен.
Өзлериниң бул жуўапкерсизлик ҳәрекети менен усы пуқаралар республикадағы басқа пуқаралар ҳәм жақынларының өмирин қәўипке қойған ҳәм соның менен Өзбекстан нызамларын қопал тәризде бузған. Бул пуқаралар ҳәзирги күнде усланған ҳәм изоляцияланған. Олардың үстинен жынайый ис қозғатылған.
Усы мүнәсибет пенен және бир мәрте барлық халық қатламларын айрықша ескертемиз ҳәм өз ҳәрекетлериңиз бенен тек озиңизди емес, ал шаңарақ ағзаларыңыз ҳәм халқымызға зыян жеткериўиңиз мүмкинлигин бәрқулла есте сақлаўыңызды сораймыз.
Санитарияға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ямаса эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузғаны ушын Өзбекстан нызамшылығында оғада кескин жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылған.
Жынаят кодексине тийкарынан усындай ҳуқықбузарлыққа жол қойған шахслар 8 жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланыўы мүмкин.
Вирустың кең тарқалыўының алдын алыў ушын пуқаралар жәмийетлик орынларға илажы барынша шықпаўы, өзиниң ҳәрекетлениўин кескин шеклеўи ҳәм улыўма айтқанда жәмийетте бир-бириниң арасында аралық сақлаўы зәрүр.
Ҳүрметли пуқаралар, барлық белгиленген қағыйда ҳәм шеклеўлерге тәртипли түрде әмел етилсе, тийисли шөлкемлердиң талаплары қатаң орынланса ғана, пүткил дүньяда тарқалып атырған усы вирусқа қарсы биргеликте, ҳәр тәреплеме гүресимиз нәтийже береди. Барлығыңызды усыған шақырамыз.
Өз гезегинде, тийисли жуўапкер уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары ҳәм хызметкерлери карантин менен байланыслы талапларға әмел етилиўин 24 саат тәмийинлеп барылыўына жеке өзлери жуўапкер болып есапланады.
Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша республикалық арнаўлы комиссиясы
ӨзА