USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЭКСПОРТТЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ЭКОНОМИКАМЫЗДЫҢ ТУРАҚЛЫЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЙДИ

Бүгинги күни елимизде Президентимиздиң басшылығында аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.  Атап айтқанда, соңғы жыллары орынларда иске түсирилип атырған заманагөй ыссыханалар овощ өнимлерин жетистириў көлемин арттырыў, халқымызды усы өнимлер менен турақлы тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Бул бағдардағы жойбарлардың өз ўақтында иске түсирилиўи ҳәм олардың кейинги жумысының раўажланыўында бажыхана хызметкерлери де жақыннан жәрдем бермекте. Атап айтқанда, хызметкерлер экспорт етиўши кәрханалардың жумысы менен жақыннан танысқан ҳалда, оларға бажыхана тараўына байланыслы жаңадан қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәниси, оларға жаратылып атырған қолайлықлар бойынша түсиник берилмекте. Сондай-ақ, кәрхана тәрепинен жетистирилген өнимлерди жәҳән базарына алып шығыў арқалы елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлериниң гезектеги ушырасыўы Нөкис қаласындағы «GLOBAL FOOD IMPEX» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып өтти.  Бул жерде 3 гектар майданда заманагөй ыссыхана шөлкемлестирилген болып, гидропоника усылында помидор жетистириў жолға қойылды. Нәтийжеде 36 жаңа жумыс орны жаратылды. Әзербайжан Республикасынан алып келинген «пинк» сорты егилип, өткен жылдың декабрь айынан баслап өним бере баслады. Бүгинги күнге улыўма баҳасы 97 мың 838,27 долларлық 121,5 тонна помидор өними экспорт етилди. Буннан тысқары, өнимлер ишки базарымызға да жеткерип берилмекте.

Ушырасыў барысында экспортёрларға қолайлық жаратыў мақсетинде «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында күни-түни бажыхана рәсмийлестирилиўи жолға қойылғанлығы, ҳәр қандай машқалалы жағдайда нызам тийкарында жәрдем берилетуғынлығы түсиндирилди. Хызметкерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Кәрхананың ис жүргизиўшиси Азиз Баўеновтың атап өткениндей, ыссыхана технологиясының экологиялық орталыққа улыўма унамсыз тәсири жоқ.  Барлық жумыс автоматикалық тәризде компьютерлер жәрдеминде басқарылады. Кәрхана каркас типиндеги ярым айлана металл конструкциялы, жоқарысы ҳәм қаптал тәреплери арнаўлы полиэтилен плёнка менен қапланған. Қуяштың ыссылығын, ҳаўаның температурасын ҳәм ығаллығын қадағалаў ҳәм тәртипке салыў ушын арнаўлы үскенелер орнатылған. Егинлерди суўғарыўдың тамшылатып суўғарыў усылы әмелге асырылады.

Президентимиздиң 2018-жыл 6-марттағы «Агросанаат жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде алып келинетуғын ыссыханалар ҳәм ыссыхана қурылыс конструкцияларын бажыхана төлемлеринен 2021-жылдың 1-январына шекемги мүддетке азат етиў ҳаққында»ғы бийлигине муўапық елимизде көплеген мине усындай заманагөй ыссыхана иске түсирилмекте. Атап айтқанда, бийлик тийкарында бул ыссыхананың қурылысында 9 миллиард 67 миллион сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңиллик қолланылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-март күни коронавирус пандемиясының халықтың турмыс дәрежеси ҳәм экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде «жасыл коридор»лардан өнимди өткериўди көбейтиў, жүк тасыўда жүзеге келип атырған мәселелерди  оператив шешип барыў бойынша тапсырмалар берилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Нөкис» сыртқы экономикалық хызмет бажыхана постының баслығы Рахматулла Авезов.-Басқармамыз тәрепинен бүгинги шараятта исбилерменлердиң, соның ишинде, экспорт етиўшилердиң машқалаларын орынларда үйрениў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў илажлары әмелге асырылмақта.

Бул бағдардағы жумыслар халқымызды жылдың төрт мәўсиминде жаңа үзип алынған аўыл хожалығы өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, аўысқан өнимлерди болса, сырт еллерге иркинишсиз экспорт етиўге хызмет етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.