USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ПРЕЗИДЕНТ КОРОНАВИРУС ПЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ ЖАҒДАЙ БОЙЫНША ХАЛЫҚҚА МҮРӘЖАТ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-март күни мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси басында коронавирус машқаласына тоқтап өтти.

Бүгинги күнге келип бул қәўипли инфекция 160тан аслам мәмлекетте тарқалды. Дүнья көлеминде кеселленгенлердиң саны 190 мыңға жетти, 7,5 мың өлим жағдайы атап өтилди, 81 мыңнан зыят наўқас емленди. Эпидемия кеңнен тарқалып кеткени себепли Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми оны пандемия деп жәриялады.

Тилекке қарсы, бул жуқпалы кеселлик мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди. Бул жағдай алдыннан дурыс баҳаланып, Президентимиздиң тапсырмасына муўапық, Республикалық арнаўлы комиссия дүзилген еди. Сонлықтан Өзбекстанға кеселликтиң ғалаба кирип келиўи ҳәм кеңнен тарқалыўының алды алынды.

Ҳәзирде 6 мыңға шамалас адам карантинге алынған. Адамлар көп жерлерде ғалабалық илажлар шекленген. 16-марттан баслап барлық билимлендириў орынларында дем алыс жәрияланды. 80 мың студент орайласқан ҳалда үйлерине жиберилди.

Ҳәр бир аймақта ҳәкимлердиң басшылығында арнаўлы штаблар шөлкемлестирилген. Эпидемиологиялық жағдай бойынша ҳәр саатлық ҳәм күнлик мағлыўмат талланып, тез илажлар көрилмекте.

Медициналық мәкемелер айрықша жумыс режимине өткерилди. Саламантландырыў ҳәм дем алыс орынлары карантин мәкемелери сыпатында сәйкеслендирилди. Медициналық орайлар дәри-дәрмақ, қорғаў ҳәм диагностика қураллары менен жетерли дәрежеде тәмийинленди.

Сырт елдеги ўатанласларымыз чартер авиарейслери арқалы Ўатанымызға қайтарылмақта. Шегараларда ҳәрекет шекленди, бирақ транспортта жүк тасыў тоқтатылған жоқ. Мәмлекетимизге көплеп сырт елли ҳәм жергиликли жүк тасыўшылар кирмекте ямаса шығып кетпекте.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев жағдай толық қадағалаў астында екенин айрықша атап өтип, ҳалқымызға мүрәжат етти:

– Бул өмирдиң көплеген аўыр сынақларын ҳәм жақсы-жаман күнлерин бастан өткерген халқымыз ҳәммесин дурыс түсинип, мәселеге саналы қатнас жасамақта. Муфтийлик басшылығында диний уламалар елимизге тынышлық, наўқасларға шыпа тилеп, дуўа ҳәм пәтиялар етпекте. Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәммемиз биргемиз ҳәм, исенемен, бул қыйыншылықлар, әлбетте, өтип кетеди.

Оның ушын, биринши гезекте, шыпакерлердиң усынысларына әмел етип, жеке гигиена ҳәм санитария қағыйдаларына ҳәр биримиз өз шаңарағымыз, балаларымыз бенен үйимизде, жумыс орнымызда ҳәм баратуғын жерлеримизде қатаң әмел етиўимиз зәрүр. Кеселликти жасырмастан, өз ўақтында мүрәжат етиў оның алдын алыўда ең нәтийжели илаж болып есапланады.

Екиншиден, азық-аўқат ҳәм басқа да күнделикли пайдаланатуғын өнимлердиң баҳасы артып кетпеўи ушын барлық илажлар көрилмекте. Мәмлекетлик салық комитети, Бас прокуратура жанындағы департамент бул бағдардағы жумысларды күшейтиўи керек.

Мәмлекетимизде жетерли дәрежеде резерв бар, қәўетерлениўге ямаса ҳаўлығыўға ҳеш қандай тийкар жоқ . Бирақ көпке келген бул бәлеге қарсы ҳәммемиз биргеликте, бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етиўимиз лазым.

Барлық мәмлекетлик структуралар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, ҳүрметли нуранийларымыз, мәҳәлле, ҳаял-қызлар, жаслар бирлеспелериниң белсендилери ғалаба хабар қураллары арқалы ҳадал, ҳақыйқый ҳәм кеңнен түсиник жумысларын күшейтетуғынына исенемен.

Үшиншиден, мәжбүрий дем алыс ўақтында перзентлеримиз оқыў сабақларын даўам еттириўи ушын Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы  менен биргеликте видеосабақлар дүркини жолға қойылды.

Телерадиоканалларымыз жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў ушын тарийхымыз, бай мәдениятымызға байланыслы көрсетиў ҳәм еситтириўлер, жасларымыз ушын пайдалы ҳәм қызықлы көркем бағдарламаларды, кинофильмлерди көбейтиўи лазым.

Ата-аналар өз перзентлерин жәҳән ҳәм миллий әдебиятымыздың ең жарқын үлгилери менен таныстырыўға ҳәрекет етсе жақсы болар еди.

Және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман. Ҳәзирги жағдайда айырым жуўапкерсиз, ҳақыйқый жағдайдан хабарсыз ҳәм өзин «пиар етиў»ди жақсы көретуғын адамлар түрли мыш-мыш ҳәм өсеклерди тарқатыўға урынады.

Усы мүнәсибет пенен жәмийетшилигимизден илтимас етемен: албыраўшылық ҳәм ҳаўлығыўға берилмеў керек. Баспасөз ҳәм социаллық тармақларда кәте, тийкарланбаған мағлыўматларды тарқатыўға жол қоймаўымыз зәрүр. Бул мәселени ҳуқық-қорғаў уйымлары да айрықша қадағалаўға алыўы лазым.

Әзиз ўатанласлар:

Коронавирус пандемиясының пүткил дүнья мәмлекетлери қатары бизиң де экономикамызға унамсыз тәсири болыўы тәбийғый.

Соңғы еки ҳәпте де жәҳән базарында нефтьтиң баҳасы (бир барели 60 доллардан дерлик 30 долларға) кескин азайып кеткени ақыбетинде газ экспортымыз түсимлери қысқарыўы мүмкин.

Сырт елдеги тийкарғы саўда бойынша бирге ислесиўшилеримиздиң миллий валюталары қәдирсизлениўи мәмлекетимизге де, әлбетте, валюта түсимин азайтады. Сырт ел туристлериниң саны ҳәм түсим муғдары азайыўы мүмкин. Булар, жалпы ишки  өним ҳәм экспорт көлемине тәсир етпей қалмайды.

Мениң тапсырмама муўапық, Арнаўлы ишки топар туризм, транспорт, фармацевтика ҳәм жеңил санаат сыяқлы тараўларға салық дем алысларын бериў, кредитлерди қайтарыў мүддеттин кешиктириў, кешиккен сыртқы қарыздарлық ушын жәрийма қолланбаў тәртибин енгизиў илажларын көрмекте.

Ҳүкимет қыйын жағдайға түсиўи мүмкин болған тараў ҳәм тармақларды, ири кәрханаларды қоллап-қуўатлаў бойынша айрықша илажлар бағдарламасын ислеп шығып, әмелге асырыўы зәрүр. Бул процессте, бәринен бурын, қаржы ҳәм шийки зат базарында турақсызлық пайда болыўына жол қоймаў лазым.

Екиншиден, финанслық турақлылықты сақлаў ҳәм базарларда баҳаның өсиўиниң алдын алыў зәрүр.

Үшиншиден, экономикамыздың базалық ҳәм шешиўши тармақлары үзликсиз ислеўин сақлап қалыў керек.

Буның ушын ҳәр бир тармақ, кәрхана ҳәм аймақ кесиминде мәнзилли ҳәм анық илажларды әмелге асырыў зәрүр болады.

Төртиншиден, орайдан аймақлық бюджетлерди ҳәм халқымызды қоллап-қуўатлаў тийкарғы ўазыйпамыз болыўы шәрт.

Пүткил халқымыз анық билиўи керек: биз коронавирусқа қарсы гүресиў жумысын ашық-айдынлық принциплери тийкарында алып барып атырмыз.

Дүнья жәмийетшилигин де, халқымызды да ўақтында хабардар етип атырмыз. Керекли илажларды және де күшейтип атырмыз.

Бүгин мен еки қоңсы мәмлекет – Қазақстан ҳәм Түркменстан басшылары Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлесип, бул бағдардағы өз-ара бирге ислесиў, бир-биримизди қоллап-қуўатлаў бойынша барлық мәселелерди келисип алдық.

Көпти көрген халқымыз және де бирлесип, татыў ҳәм аўызбиршиликли болып, бул қыйын сынақларды да жеңип өтеди, деп исенемен.

Және бир әҳмийетли мәселеге барлық жуўапкерлердиң итибарын қаратпақшыман.

Соңғы жылларда санитария-эпидемиология мәселесине үлкен әҳмийет бермектемиз. Ҳәзирде елимизде республика дәрежесиндеги 2 емлеўхана, 14 ўәлаятта жуқпалы кеселликлер емлеўханасы, 216 аймақлық санитария-эпидемиология мәкемеси жумыс ислемекте.

Бирақ, кейинги 25 жыл даўамында улыўма итибар бермегенимиз ушын көпшилигиниң материаллық-техникалық базасы, әсиресе, лабораториясы, медициналық әсбап ҳәм үскенелери ашынарлы жағдайға келип қалғаны да ҳақыйқат.

Сол себепли, бүгинги күнде республикалық санитариялық-эпидемиологиялық хызметти түп-тийкарынан реформалаў ҳәм жумыстың нәтийжелилигин арттырыў бойынша жумысшы топар тәрепинен өз-алдына қарар жойбары таярланбақта.

Усы хызметтиң тийкарғы жумысы медициналық ҳәм санитариялық турақлылық, жәмийеттиң саламатлығын тәмийинлеў, кеселликлер профилактикасы ҳәм саламат турмыс тәризин шөлкемлестириўге қаратылады.

Буның ушын ўәлаят ҳәкимлери орынлардағы санитариялық-эпидемиологиялық мәкемелерди бирме-бир айланып, лаборатория-диагностика, медициналық қураллар ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў дәрежеси,  кадрлардың потенциалы, айлық мийнет ҳақы сыяқлы машқалаларды терең үйрениўи зәрүр.

Ишки қаржы имканиятлары тийкарында оларды жыл соңында сапластырыў, резервлерди қәлиплестириў бойынша айрықша бағдарламалар ислеп шығып, орынлаў лазым.

Бас министр республика дәрежесиндеги ҳәм Ташкент қаласындағы мәкемелерди бирме-бир орнына барып үйрениў ҳәм зәрүр илажлар қабыл етилиўи және орынланыўы ушын жеке жуўапкер болады.

Тийкарғы мәселе – материаллық-техникалық базаны беккемлеў, кадрларды оқытыў, илимди раўажландырыў, халықтың саламатлығы ушын қаржыны аямаўымыз зәрүр.

 

 ӨзА