Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың мирәт етиўине бола 2017-жыл 4-декабрь күни Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани рәсмий сапар менен Ташкент қаласына келеди.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўларда Өзбекистан менен Аўғанстан қатнасықларының бүгинги жағдайын ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын додалаў,  тийкарғы халықаралық қатнасықлар менен регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир алысыў режелестирилген.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўиниң қабыл етилиўи, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, илим ҳәм басқа да салаларда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге қаратылған бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлерге, сондай-ақ, коммерциялық шәртнамаларға қол қойылыўы күтилмекте.

Аўғанстан Президентиниң Өзбекистанға сапар етиўи бағдарламасынан, сондай-ақ, Бухара қаласын зыярат етиў де орын алған. Жоқары мәртебели мийман Бухара мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен ушырасады ҳәм оалардың алдында баянат жасайды.

ӨзА