Өткен 2019-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша улыўма 400 жол-транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған. Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баспасөз топары аға инспекторы, капитан Салаўат Қәллибеков мәлим етти.

Бул бойынша көрсеткиш 2018-жылға салыстырғанда биреўге азайған – 2018-жыл даўамында 401 ЖТҲ дизимге алынған еди.

2019-жыл даўамында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде 105 адам қайтыс болған (2018-жыл бул көрсеткиш 136 ға тең еди – И.М.) болса, 358 адам ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатын алған (2018-жылы дене жарақатын алғанлар саны 362 ге тең болған еди – И.М.).

– Республикамызда күн сайын автомобильлер де, улыўма ҳәрекет қатнасыўшылары да көбейип бармақта. Солай болса да, 2018-жылға салыстырғанда 2019-жылы жол-транспорт ҳәдийселери ҳәм олардың ақыбетинде жәбир көриў жағдайларының бираз болса да азайыўына еристик. Деген менен, бул бизди тоқтатып турмайды. Биз ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйынлары, оқыў орынлары, автомобиль мектеплери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымларда, жолларда, халық көп топланатуғын жәмийетлик орынларда профилактикалық жумысларды турақлы түрде алып барып атырмыз. Бул бағдардағы жумысларымызды еле де нәтийжели түрде даўам еттирип барамыз, – дейди Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баспасөз топары аға инспекторы, капитан Салаўат Қәллибеков.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.