Бүгин, 14-январь күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына елимиз басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, оқыў орынлары, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 28 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен естеликке гүл шеңберлери қойылды.

Илаж соңында Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметине қараслы шегара әскерлериниң, соның менен бирге, оқыў орынлары жасларының әскерий сап тартып жүриў салтанаты болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 28 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен республикамыз бойлап байрам илажлары даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.