Үстирт тегислигиндеги «Сайгачий» комплексли ландшафт қорықханасы аймақларына орнатылған дузақ камераларға Өзбекстан аймағында алдын ҳеш жерде дизимге алынбаған, «Қызыл китап»қа киргизилген ҳайўанлар ҳәм қуслар түсип қалған, деп хабар берди ӨзА хабаршысы Е.Қанаатов.
Орайлық Азия шөл басламасы (CADI) жойбарының эксперти, биология илимлериниң кандидаты Наталья Мармазинская өзиниң Фейсбук тармағындағы жәриялаған мағлыўматына қарағанда, усы жойбар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети менен биргеликте өткерилген дала изертлеў жумысларында Өзбекстанда сийрек гезлесетуғын ҳайўанат түрлериниң Үстиртте пайда болғанының гүўасы болған.
Атап айтқанда, Өзбекстан ушын жаңа түр – әпиўайы лазоревка (Cyanistes caeruleus) қусын Үстиртте сүўретке түсириўге ерискен.
– Бул қус Европа ушын әдеттеги қус түри, бирақ Өзбекстанда алдын ҳеш жерде дизимге алынбаған. Бул Орта Азия шөл экосистемаларының флора ҳәм фаунаның түрли ўәкиллериниң турмысы ушын әҳмийетли екенлигин аңлатады, – деп айтып өткен илимпаз.
Жойбар шеңберинде 2019-жылдың апрель айында «Сайгачий» комплексли ландшафт қорықханасы ҳәм Қоңарыт мәмлекетлик тоғай ҳәм аңшылық хожалығы аймағында дала изертлеў жумыслары өткерилген ҳәм нәтийжеде биологиялық көп түрлилик дәрежеси жоқары болған аймақлар анықланған, экосистемалар ҳәм түрлердиң ҳәзирги жағдайы ҳаққында мағлыўматлар алынған.
2019-жыл ноябрь айының басында жойбар топары «Сайгачий» комплексли ландшафт қорықханасы инспекторлары менен биргеликте Үстиртте усы қорықханаға қараслы тийкарғы ландшафтлар есапланған Дуўана, Жийдели, Алмәмбет, Шурық, Белеўли аймақларына 10 камера орнатты.
Камера дузақлары жумысының дәслепки нәтийжелери 8 түрди қурады, олардың 2 түри (түркмен қарақалы ҳәм қарсақ) Өзбекстан «Қызыл китабы»на киргизилген.
Төменде сиз дузақ камера ҳәм оған түсирилген сүўретлерди тамашалаўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков аўдармасы,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.