Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде «Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарарының орынланыўына арналған баспасөз конференциясында «Өзавтосанаат» АЖ ўәкиллери 2022-2023-жылларға шекем Өзбекстанда «Spark», «Nexia», «Cobalt» ҳәм «Gentra» автомобильлерин ислеп шығарыў избе-из тоқтатылатуғынлығын мәлим етти.

Олардың орнына 10-15 мың АҚШ доллары әтирапындағы жаңа модельлер, атап айтқанда, «Chevrolet Onix» ислеп шығарылады. Атап өтилиўинше, бул жаңа модельлердиң айырымлары электромобиль болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.