Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўы тамамланды. Болып өткен сайлаўларда ҳәр бир пуқара, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар өзлериниң конституциялық ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда, өзлери мүнәсип деп тапқан талабанларға даўыс берди.
Талабанлардың сайланыўында партиямыздың жетекшиликти және сақлап қалыўында талабанларымыз тәрепинен усынылған сайлаўалды бағдарламасы ҳәм үгит-нәсият жумысларының жақсы шөлкемлестирилгенлиги үлкен әҳмийетке ийе болды.
Сайлаў бул – демократиялық реформалардың шын мәнидеги айнасы ўазыйпасын атқарды, десек алжаспаған боламыз.
Қарақалпақстан Республикасы халқы да мүнәсип талабанларға даўыс бериўи арқалы халқымыздың шын мәнидеги айтар сөзи, жаңлайтуын даўысы, бар машқалаларды ҳәм шешимин күтип турған мәселелерди керек болса мәмлекетлик машқала дәрежесине көтерип, жоқары уйымларға жеткерип бериўде белсендилик көрсететуғын талабанларды сайлады.
Өзим де таң азан менен Нөкис районындағы «Арбашы» АПЖдағы 373-санлы сайлаў участкасында өзим мүнәсип деп есаплаған талабанларға даўыс бердим.
Өз гезегинде сайланған депутатларға өзиниң дәрежесине мүнәсип, пидайы, өз жумысын қунт пенен атқаратуғын, халқымыздың дәрти, қуўанышы менен бирге жасайтуғын халықшыл ўәкил болыўына исеним билдирип, усы бағдардағы үлкен ўазыйпаларды жүклемекте.
Кеңпейил халқымыз терең исеним билдириў арқалы өз гезегинде бүгингидей жедел раўажланыў басқышында депутатларымыздан әмелий нәтийже күтпекте.
Себеби, бүгингидей жәмийетлик қадағалаў күшейип, FХҚ ҳәм халқымыздың барлық тараўларды сын көзқарас ҳәм талқылаў менен бақлап турған бир дәўирде депутатларымыздың да жуўапкершилиги күшеймекте.
Өз гезегинде сайланған депутатлар да халық ўәкили сыпатында елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўында мүнәсип қатнаса алады.
Дәслепки нәтийжелер бойынша, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына Қарақалпақстан Республикасынан 3, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 20 талабанымыздың сайланыўы бизлер ушын үлкен жетискенлик болып есапланады.
Сайланған депутатларымыз алдағы 5 жыл даўамында пуқараларымыздың абаданлығы жолында хызмет етип, олардың машқалаларының шешимин таба алады ҳәм халқымыздың исенимин ақлайды, деп исенемен.
Сағындық Турманов,
O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.