Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 2019-жыл 22-декабрьде өткерилген сайлаўлар бойынша округлик сайлаў комиссияларының сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳаққындағы протоколларына тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 14, 59, 96-статьяларына муўапық Орайлық сайлаў комиссиясы

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына депутатлар сайлаўын өткеретуғын 22 округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен бирде-бир талабан даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбиниң даўысын ала алмағаны себепли усы сайлаў округлеринде қайта даўыс бериўди өткериў ҳаққындағы қарарлар қабыл етилген;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 67-Пастдарғом, 102-Яйпан, 106-Бағдод округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен арифметикалық қәтеге жол қойылғаны себепли усы сайлаў округлеринен депутатлар сайланғаны ҳаққында ерте жуўмақ шығарылған;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 67-Пастдарғом, 102-Яйпан, 106-Бағдод сайлаў округи бойынша бирде-бир талабан даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбиниң даўысын ала алмағаны себепли усы сайлаў округлеринде ең көп даўыс жыйнаған еки талабан арасында қайта даўыс бериў өткериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 25 сайлаў округинде (1-қосымша) қайта даўыс бериў 2020-жыл 5-январь – екшемби күни өткерилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссияларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеслерине сайлаўлар бойынша қайта даўыс бериўди 2020-жыл 5-январь – екшемби күни өткериў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына депутатлар сайлаў бойынша айырым сайлаў округлеринде қайта даўыс бериўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлардың бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 59-статьясына муўапық қайта даўыс бериў сайлаў округи бойынша ең көп даўыс жыйнаған еки талабан бойынша усы округте өткерилетуғыны;

қайта даўыс бериў тийкарғы сайлаўды өткериў ушын дүзилген сол сайлаў участкаларында ҳәм сайлаўшылардың сол дизимлери бойынша өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына депутатлар сайлаўын өткеретуғын тийисли округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары қайта даўыс бериўди Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң талапларына қатаң әмел еткен ҳалда өткериўди тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Секретариаты (Х.Маматов) бир ҳәптелик мүддетте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына сайлаў бойынша қайта даўыс бериў ушын сайлаў бюллетеньлери, шақырыў ҳәм талабанлардың плакатлары, мирәтнамалар, басқа да сайлаў үскенелери орынларға жеткерип берилиўин тәмийинлесин.

Қайта даўыс бериўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеслериниң сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер сметасы шеңберинде әмелге асырылсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы өзиниң аймақлық телеканалларында қайта даўыс бериўди өткериўде сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыў ушын сиясий партиялар менен келисилген ҳалда бийпул 30 минутлық теңдей эфир ўақтын ажыратсын.
  2. Усы қарар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында жәриялансын.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Истамовқа жүкленсин.

 

Баслық М.АБДУСАЛОМОВ

2019-жыл 25-декабрь