Сайлаў – 2019

Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайланыўы болып өтпекте.

Нөкис қаласындағы 74-сайлаў участкасы да саат 08-00 де ашылып, сайлаў басланды.

Аймақ турғынлары белгиленген тәртипте пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин көрсетип, сайлаў бюллетенлерине өзи қәлеген талабанға даўыс бермекте.

– Участкамыз жәмәәти сайлаў мапазы басланыўдан-ақ, быйылғы сайлаўға үлкен жуўапкершилик пенен қарап, қызғын таярлықлар көрди,-дейди 74-санлы учаскалық сайлаў комиссиясының баслығы Жанар Садирбаева. – Аймағымыздан бүгинги сайлаўға 2936 сайлаўшының қатнасыўы күтилмекте.

Сайлаў участкамызда олар ушын барлық шараятлар жаратылған. Сиясий партиялардың исенимли ўәкиллери ҳәм басқа да бақлаўшылар сайлаў процесин бақлап турыпты.

Жәмийетлик тәртипти сақлаў ушын тийисли уйымлардың хызметкерлери хызметте турыпты.

Сайлаўлардың сайлаў нызамшылығының талапларына муўапық  ашық-айдын өтиўи, ҳәр бир сайлаўшының өз қәлеўин еркин билдириўи ушын имканият жаратып, сайлаўдың әдил өтиўине ҳәрекет етемиз.

Сайлаў даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.