Бүгин Бирлескен Араб Әмирликлериниң пайтахты Абу-Даби қаласында өткерилип атырған  дзюдо бойынша 37-жәҳән чемпионатында қарақалпақстанлы палўан Шарофиддин Балтабаев қола медалы ушын гүреске түседи.

Ол чемпионаттың шерек  финалында нейтрал байрақ астында гүреске шығып атырған россиялы Тимур Арбузовқа жеңилип қалды. Буннан кейин болса, қола медалы жолында австриялы Бернд Фасчингти вазари баҳасы есабынан жеңип шығыўға еристи.

Енди палўанымыз қола медалы ушын кореялы Жун Ҳван Ли менен беллесиўге түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги