Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Korzinka.uz» супермаркетлер тармағына қараслы «Arena» саўда орайының алдында өзгеше жаңа жыл шыршасы бой тикледи.

– Шыршаның бийиклиги 15 метрди қурайды, – дейди саўда орайының администраторларының бири биз бенен сәўбетте.

Төменде сиз усы шыршаның түнги ўақыттағы әжайып көринислерин тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.