Бүгин, 8-декабрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы атшабар майданында «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» шеңберинде «Зүрәәт байрамы» болып өтти.

Атшабар майданының алдына қараүйлер тигилип, аўыл хожалығы өнимлериниң көргизбеси, байрам концертлери шөлкемлестирилген болса, байрамға жыйналған халқымыз дәслеп арқан тартыс ойынын тамашалады.

Арқан тартыс бойынша 1-орынды Беруний районы, 2-орынды Тақыятас районы 3-орынды Нөкис қаласы ўәкиллери жеңип алды.

Сондай-ақ, байрам шеңберинде қошқар дүгистириў тамашалары да даўам етти.

Байрам тамашалары шеңберинде Қарақалпақстанның бас палўанлары қатнасыўындағы беллесиўлерге бас байрақ – «Cobalt» автомобили қойылды.

Барлық қарсыласларын жеңип, бас байраққа талабан болған еки палўан – Әмиўдәрья районынан Элёр Машарипов ҳәм Шоманай районынан Мийирбек палўан өз ара беллести. Онда Элёр Машариповтың қолы бәлент келип, Президент саўғасы – «Cobalt» автомобилин жеңип алды.

Төменде сиз усы илажлардан таярланған фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Ислам МАТЕКОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.