USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Сайлаў участкаларында сайлаўшылардың мүддетинен бурын даўыс бериўин шөлкемлестириў ҳаққында

            Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сайлаўында сайлаўшылардың мүддетинен бурын даўыс бериўди шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 57-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы

           Қ А Р А Р   Е Т Е Д И :

            1.Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының сайлаўын өткериўши сайлаў округлары аймақларында сайлаў күни өзи жасаў жайында болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшылар ушын мүддетинен бурын даўыс бериў өткерилсин.

  1. Мүддетинен бурын даўыс бериў 2019-жыл 12-декабрь күни басланып, 2019-жыл 18-декабрьдиң ақырына шекем өткерилсин.

Сайлаў участкаларында мүддетинен бурын даўыс бериў ўақты саат 9.00 ден саат 18.00 ге шекем деп белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши округлик сайлаў комисссияларына:

-Сайлаў округи аймағындағы сайлаўшылардың улыўма санының 5 (бес) пайызы муғдарында сайлаў бюллетенлерин участкалық сайлаў комисссияларына 9-декабрьге шекем жеткерип бериўди тәмийинлеў тапсырылсын.

  1. Участкалық сайлаў комиссияларына:

-сайлаўшыларды мүддетинен бурын даўыс бериў күни, ўақты ҳәм мәнзили ҳаққында хабардар қылсын.

Сайлаўшылардан мүддетинен бурын даўыс бериў бойынша арзаларды өз ўақтында қабыл етсин ҳәм мүддетинен бурын даўыс бериўди нызам талаплары тийкарында өткерилиўин тәмийинлесин.

Усы қарар ғалаба хабар қуралларында жәриялансын.

Бул қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары С.Қудайбергеновтың жуўапкершилигине жүкленсин.

 

       Қарақалпақстан Республикасы

     Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы 

                                                                                                                Е.Джуманазаров

Нөкис қаласы

2019-жыл   3-декабрь