Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 28-ноябрь күни Министрлер Кабинетиниң жумысын жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў, Бас министр ҳәм оның орынбасарларының, департаментлер баслықларының, министрлер, комитет ҳәм компаниялар басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиў менен байланыслы мәселелерди додалаўға бағышланған мәжилис өткерилди.
Мәжилиске Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйлери, министрлик, ведомство ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары қатнасты.
Мәжилисте Президентимиздиң атап өткениндей, бүгинги күнде социаллық турмысымыздың барлық тараўлары менен тармақларында кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, халықты ойландырып атырған бир қатар машқалалар менен кемшиликлер де өз шешимин күтип тур. Адамларымыз ертең ямаса узақ келешекте емес, бәлким бүгин жақсы жасаўды, мүнәсип турмыс кешириўди қәлейди. Соның ушын биз алып барылып атырған реформаларды жеделлестириўмиз, олардың сапасын және нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўмыз зәрүр, деди мәмлекетимиз басшысы.
Шавкат Мирзиёев өз сөзинде күн тәртибиндеги мәселеге терең талқылаў тийкарында сын көз қарастан қатнас жасап, көпшилик басшылар тәрепинен тәртип-интизам ҳәм жуўапкершиликтиң босастырып жиберилгени, олар өз жумысын заман талаплары тийкарында шөлкемлестире алмай атырғаны, хызмет ўазыйпасына бийпәрўалық пенен қатнаста болып атырғаны сыяқлы жағдайлар улыўма нәтийжелиликке кери тәсир етип атырғаны атап өтилди.
Мине, жақында жумысымызға бир жыл толады, кең жәмийетимиз, бизге үлкен үмит ҳәм исеним билдирген халқымыз алдында әмелий ислеримиз бенен есап беретуғын ўақыт келди. Жумысқа жаңаша қатнас жасаў, әпиўайы адамлардың ғам-тәшиўиши менен жасаў, пидайылық ҳәм жанкүйерлик көрсетиў атқарыў ҳәкимиятының барлық буўындағы басшы ҳәм жуўапкер адамлары жумысының тийкарғы өлшемине айланыўы зәрүр, деди Президентимиз.
Ашық-айдын тән алыў керек, биз өз алдымызға қойып атырған нәтийжелерге еле толық ерисе алғанымыз жоқ. Бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў, жаңа басқышқа көтериў мақсетинде 27-ноябрь күни «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жумысын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Усы қарарға муўапық, Өзбекистан Республикасы Бас министри орынбасарлары, ҳүкимет аппаратының структуралық бөлимлери басшыларының нәтийжели жумысын тәмийинлеў, олардың жеке жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң атқарыўшы структурасы қайта қәлиплестирилип, жаңа комплекслер ҳәм министрлик шөлкемлестирилди.
Қарарға муўапық Министрлер Кабинети структурасына Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Инвестициялар, инновациялық раўажландырыў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын муўапықластырыў, туризм мәселелери комплекси, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология, қоршаған орталықты қорғаў, дене тәрбиясы ҳәм спорт мәселелери комплекси басшыларының лаўазымлары киргизилди. Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасының Инновациялық раўажландырыў министрлиги шөлкемлестирилди.
Бул әҳмийетли өзгерислердиң себеплери туўралы сөз болар екен, Президентимиз төмендеги пикирлерге айрықша итибар берди.
Бириншиден, экономика тармақларын ҳәм социаллық саланы, елимиз аймақларын раўажландырыўдың ең әҳмийетли мәселелерин шешиўдиң түрлери менен усылларын түп-тийкарынан өзгертиў зәрүр.
Екиншиден, усы жыл даўамында ўәлаятлар, қала ҳәм аўыллардағы халықтың түрли қатламлары менен өткерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелери бойынша ҳәр бир аймақ, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир пуқараның турмыслық машқалаларын шешиўге еле де кең итибар қаратыў керек.
Үшиншиден, өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўды, зәрүр нәтийжелерге ерисиўди тәмийинлемегени ушын түрли буўындағы басшыларды алмастырыў, заманагөй билим ҳәм тәжирийбеге ийе болған, Ўатанға садық, пидайы жасларға жуўапкершиликли лаўазымларды исенип тапсырыўды бүгин турмыстың өзи талап етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекистанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымыздың турмыс дәрежеси менен сапасын арттырыў мәселеси биринши гезекте илим, жоқары технологиялар, заманагөй инновациялық исленбелерди әмелиятқа кеңнен енгизиў менен өз-ара байланыслы екенин атап өтти. Ҳәм әне усы мақсетте Өзбекистан Республикасының Инновациялық раўажландырыў министрлиги шөлкемлестирилгенине айрықша тоқтап өтти.
Бизиң сақый жеримиз жер асты ҳәм жер үсти байлықларына, инсан ресурсларына, билимли ҳәм жоқары тәжирийбели кадрларға бай. Лекин, өкинишке бола, биз мине сондай үлкен потенциалымыздан өнимли ҳәм нәтийжели пайдалана алмай атырмыз, деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте экономика тармақларының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, соның ишнде, қатаң ақша-валюта сиясатын жүргизиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын күшейтиў, сырт елли инвесторларды кеңнен тартыў, заманагөй санаат кәрханаларын қурыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын кеңейтиў, нәтийжели салық сиясатын қәлиплестириў, бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыў, мәмлекетлик статистика системасын жетилистириў сыяқлы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, мәденият ҳәм көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спорт, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери менен байланыслы ўазыйпаларға итибар қаратты.
Мәжилисте Президентимиз быйыл әмелге асырылған жумысларды терең талқылаў тийкарында ерисилген жетискенликлерди буннан былай да беккемлеў, жол қойылған кемшиликлердиң қайталанбаўы ушын барлық зәрүр илажларды көриў, ҳәзирги ўақытта 2018-жылдың биринши шерегинде орынланатуғын анық ўазыйпалар бойынша тийисли көрсетпе ҳәм тапсырмалар берди.
ӨзА