Усы сүрен астында «Мәҳәлле мениң тәғдиримде» таңлаўының Елликқала районлық басқышы өткерилди.

Таңлаўдың мақсети – жасларда үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз бенен мәдений мийрасымызға ҳүрмет көрсетиў сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириў, оларды Ўатанға муҳаббат, садықлық руўхында тәрбиялаў болып табылады.

Таңлаў жуўмағында «Шопан» МПЖның «Қәдирият» командасы биринши, «Таза-бағ» АПЖның «Таза-бағ Сәрдарлары» командасы екинши, «Сарабий» АПЖның «Сарабий жаслары» командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры Елликқала районлық бөлими тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

«Қәдирият» командасына келеси республикалық басқышта қатнасыў ушын жоллама берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.