USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 14 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ТУРАҚ-ЖАЙЛАРДЫҢ ҚУРЫЛЫСЫ БОЙЫНША ЖАҢА СИСТЕМАНЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-ноябрь күни аўыл ҳәм қалаларда халықты турақ-жай менен тәмийинлеўдиң жаңа системасын енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын илажларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Халықты мүнәсип турақ-жай менен тәмийинлеў мақсетинде соңғы үш жылда 104 мың, соның ишинде, аўылларда 63 мың ҳәм қалаларда 41 мың арзан турақ-жайлар қурылып пайдаланыўға тапсырылды.

Соған қарамастан, бул өсип баратырған халықтың талабын толық  қанаатландырыў ушын жетпей атыр. Буны усы жылдың 9 айында Халық қабыллаўханаларына турақ-жай мәселеси менен байланыслы 36 мыңнан аслам мүрәжат болғанынан да билиўге болады.

Көпшилик жайының сапасы талапқа жуўап бермейтуғынынан наразы. Аўылларда қурылған айырым массивлер инженерлик-коммуникация тармақларына жалғанбаған. Айырым турақ-жайлар сатылмай қалған, айырымларының болса кредит төлеми машқалалы.

Бул сыяқлы кемшиликлердиң себеби сонда, арзан турақ-жайлардың турақлы финанслық дәреги жоқ ҳәм тийкарынан бюджет қаржыларына байланып қалған. Системада бәсеки толық қәлиплеспеген ҳәм жеке-меншик сектордың қатнасы жетерли дәрежеде емес.

Халықаралық шөлкемлердиң есап-санақларына қарағанда, Өзбекстанда халықтың талабын толық қанаатландырыў ушын ҳәр жылы 145 мың квартирадан ибарат турақ-жайлар қурылыўы керек. Оның ушын жылына дерлик 30 триллион сум қаржы керек болады.

Сол себепли кейинги жылдан баслап, халықты турақ-жай менен тәмийинлеў бағдарында жаңа система енгизиледи. Енди турақ-жайлар мәмлекет тәрепинен емес, толығы менен жеке-меншик сектор тәрепинен қурылады. Мәмлекет халыққа ипотека кредитин оптимал шараятларда бериў арқалы турақ-жайға болған талапты қоллап-қуўатлайды. Ипотека кредитин бериў ушын ресурслардың муғдары банклер ҳәм аймақлар бойынша шекленбейди.

Бул система усыныс сыпатында орынларда додаланғанда, барлық қурылысшы-исбилерменлер оны унамлы қабыл еткен. Халықтың кредит алыў имканияты кеңейтилсе, баҳасы ҳәзиргилерден жоқары болмаған, бирақ сапасы жақсы турақ-жайларды қура алатуғынын билдирген.

Усылардан келип шығып, ендигиден былай қалаларда турақ-жай қурылысы төмендеги тәртипте әмелге асырылады.

Бириншиден, исбилерменлик субъектлери өз қаржылары ҳәм тартылған қаржылар есабынан пайтахтымызда ҳәм қалаларда жаңа тәртип тийкарында 13 мың 750 квартиралы турақ жайлардың қурылысын әмелге асырады. Бундай имарат ҳәм комплекслердиң жойбары да исбилерменлер тәрепинен еркин таярланады.

Екиншиден, турақ жай қурыў ушын жер майданлары аукцион арқалы ажыратылады. Оларды суў ҳәм канализация тармақларына жалғаў, автомобиль жолларын қурыў исбилерменлик субъектлери және республикалық ҳәм жергиликли бюджет қаржыларынан қаржыландырылады.

Үшиншиден, банклер арасында саламат бәсеки болыўы ушын Қаржы министрлиги буннан былай турақ жайларды сатып алыўға ипотека кредити бойынша дерлик 3 триллион сумға шамалас мәмлекетлик ресурсларды аукцион тийкарында банклерге ажыратады. Буннан тысқары, ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы шөлкемлестирилип, оған Азия раўажланыў банкиниң қаржылары тартылады, бул қаржылар да жаңадан қурылған турақ жайды сатып алыўға ипотека кредитин ажыратыў ушын банклерге қосымша ресурс сыпатында жайластырылады.

Төртиншиден, халықтың кем тәмийинленген қатламын социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша пүткиллей жаңа, ең баслысы, анық мәнзилли система енгизиледи. Оның ушын қалаларда 10 мың 800 жәрдемге мүтәж шаңараққа турақ жайдың дәслепки төлеми ҳәм кредит процент қәрежетлерин төлеўи ушын бюджеттен субсидия ажыратылады. Бул субсиядиялар арқалы Ташкент қаласында  12 процент, басқа аймақларда 10 проценттен жоқары кредит процентлери және басланғыш төлем қаплап бериледи.

Мәжилисте жуўапкер министрликлер ҳәм шөлкемлердиң басшыларына жаңа тәртипте қурылатуғын турақ жайлар ушын жер майданларын таңлап, аукционға шығарыў, кредиттиң жоқары шегин еспалаў ушын турақ жайлардың базар баҳасы тийкарындағы орташа баҳасын белгилеў бойынша тапсырмалар берилди.

Аўылларда да турақ-жайлардың қурылыў системасын реформалаў, буйыртпашы фунциясын «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниясынан басқышпа-басқыш жеке меншик секторға өткериў мәселелери де додаланды.

Атап өтилгениндей, енди аўылларда турақ-жайлар жолдың бойына бир қатар болып емес, ал қала ҳәм район орайларына тутас аймақларда массивлер түринде қурылады. Соның нәтийжесинде келешекте районларды үлкен агломерацияға айландырыўға болады. Бул болса инфраструктура қәрежетин азайтады, халықтың экономикалық белсендилигин арттырады, жерден нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.

Видеоселектор мәжилисинде бундай массивлерге жер ҳәм кредит ажыратыў, инфраструктура тармақларын жалғаў, социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўалаў бойынша орынлардағы басшыларға ҳәр тәреплеме түсиник берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев турақ-жайды сатып алыў ушын басланғыш төлем ҳәм ипотека кредитиниң процентин белгили дәрежеде қаплаў мәселесинде таныс-билислик ҳәм басқа да өз мәпине пайдаланыў жағдайларына тыйым салыў зәрүр екенлигин атап өтти. Бюджеттен ажыратылатуғын субсидиялардың социаллық қорғаўға мүтәж халыққа  жетип барыўын сөзсиз тәмийинлеў керек.

Субсидия ушын келеси жыл бюджеттен 1 триллионға шамалас сум қаржы ажыратылады ҳәм улыўма алғанда, 16 мың шаңарақтың қала ҳәм аўыллардан турақ жайларды сатып алыўын қоллап-қуўатлаўға бағдарланады.

Халықтың субсидия алыў ушын бир талай ҳүжжетлерди топлап, бир қатар уйымларға сергиздан болып жүриўи жағдайларына шек қойылады. Енди арзалар Экономика ҳәм санаат министрлигиниң аймақлық басқармаларында шөлкемлестирилген турақлы комиссияларды көрип шығылады ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың мәнзилли дизими қәлиплестириледи.

Бул комиссиялардың қурамында банк, қаржы, салық, мийнет, мәҳәлле ҳәм басқа да уйымлардың ўәкиллери болады. Буннан тысқары, комиссияның мәжилисинде қәлеген пуқара қатнасып, өз пикирин билдириўине болады. Сондай-ақ, субсидия бериў мәселеси кең жәмийетшилик пенен додаланыўы зәрүр болады.

Ҳәр бир ўәлаят ҳәкимлиги 2020-жылда турақ жай сатып алыў ушын кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў, оларға гезек пенен субсидия төлеў тәртибин ҳәм нормаларын ислеп шығып, өз аймақларында унамлы тәжирийбени енгизиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Келеси жылда «Ўзшаҳар қурилиш инвест» және «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниялары әмелдеги система тийкарында қалаларда 4 мың 250 ҳәм  аўыллық жерлерде 8 мың турақ жайдың қурылысын даўам етеди.

Таяр турақ жайлардың узақ ўақыт даўамында сатылмай турыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде қалаларда қурылысты қаржыландырыў системасы жетилистириледи. Енди турақ жайларға талапкерлердиң дизими қәлиплестирилип, басланғыш төлем жыйналмағанға шекем қурылысқа қаржыландырыў ашылмайды.

Банклер 2020-жылда әмелдеги сстема бойынша қалаларда қурылатуғын турақ-жайлардың қарыйдарын анықлаған ҳалда, қурылысты клиентке ажыратылатуғын ипотека кредити есабынан қаржыландырыў системасын енгизетуғын болды.

Турақ жайлардың баҳасын түсириў ҳәм сапасын арттырыў ушын инновациялық қурылыс материалларынан кеңнен пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәкимликлерге қала ҳәм аўылларда турақ-жайлар ушын жер ажыратыў, жумысты бөлип алып ислеўшилерди анықлаў жумысларын жуўмақлап, қурылыстың 2020-жыл 1-мартқа шекем басланыўын тәмийинлеў жүкленди.

– Турақ-жай сиясатында жаңа системаға өтип атырмыз. Бул процессти ҳәр бир аймақ басшысы өз мойнына жуўапкершиликти алып, жаңа система бойынша турақ-жайларды қурыўда өз тәжирийбесин жаратыўы шәрт. Енди ҳәкимлерден қурылған турақ-жайлардың саны емес, ал қурылысқа неше потенциаллы исбилерменлердиң тартылғаны, оларға қанша жер ажыратылғаны, инфраструктура тармақларының жаратылғаны, турақ-жайлардың сапасы ҳәм неше адамды разы еткени соралады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Турақ-жайларды қурыў ҳәм реализациялаў бойынша республикалық комиссия орынларға шыққан ҳалда, қурылыс жумысларын қадағалаўға алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳәкимлер ески имарат ҳәм объектлерди бузыў есабынан босаған орынларда турақ-жайларды қурыў мәселесине айрықша итибар бериўи шәрт екенлиги, компенсация пуллары төленип, мүлк ийелери разы болғанға шекем бирде-бир көшпес мүлктиң бузылыўы мүмкин емеслиги атап өтилди.

Мәмлекетлик уйымлардың басшылары тек ғана өзиниң емес, ал мәмлекеттиң де абырайын сақлаўға жуўапкер екенлиги, халық пенен, ғалаба хабар қураллары менен сөйлескенде менменликке берилмей, өзин басып ҳәм ақылға уғрас, нызамға тийкарланған қарар қабыл етиўи шәрт екенлиги атап өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды ҳәм әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

ӨзА