Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-ноябрь күни мәмлекетимизде сапар менен болып турған Италияның Ломбардия ўәлаяты губернаторы Аттилио Фонтананың басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы көп қырлы қатнасықларды кеңейтиў, соның ишинде, Италия ҳәм Европа Аўқамының жетекши индустриаллық, интеллектуаллық ҳәм мәдений орайларынан бири болған Ломбардия менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.

Жедел исбилерменлик байланыслар ҳәм өз-ара алмасыўларды жолға қойыў, Италия компаниялары ҳәм шөлкемлери менен саўда, инвестициялар, санаат технологиялары, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм тараўларында қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ломбардияның абырайлы университетлери менен жоқары қәнигели, бәринен бурын, инженерлик қәнигеликлери бойынша қәнигелер таярлаў бағдарындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Жоқары дәрежедеги еки тәреплеме илажларға таярлық көриў шеңберинде мәмлекетимиз ҳәм Италияның усы аймағы арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша «Жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

 

ӨзА