USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Сайлаўда бақлаўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери

                 Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Сайлаў кодексиниң 8-статьясында сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен байланыслы барлық илажларда, сондай-ақ, сайлаў күни даўыс бериў ханаларында ҳәм даўысларды санап шығыўда басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылардың қатнасыў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп берилген. Сондай-ақ, Сайлаў кодексиниң 33-статьясында бақлаўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери анық көрсетилген.

Сайлаўларда басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылардың қатнаса алыўы елимизде өткерилетуғын сайлаўлардың ашық-айдынлығын ҳәм нызамлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли есапланады. Быйылғы сайлаўда Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Демократиялық Институтлар ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Бюроның толык миссиясының қатнасыўы күтилмекте.

Бақлаўшыларды қатнастырыўдың мақсети ҳәм әҳмийети сонда, олар сайлаўлардың шөлкемлестирилиўи ҳәм өткерилиўи халықаралық стандартларға жуўап беретуғынлығын, даўыс бериў процесин, сайлаўлардың өткерилиўинде халықаралық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң бузылмағанлығын бақлайды. Сайлаў процесин халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери ўәкиллеринен басқа мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған сиясий партиялардың, өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери де тиккелей бақлап барады.

Бақлаўшы – бул сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық илажларда, сондай-ақ, сайлаў күни даўыс бериў ханаларында ҳәм даўысларды санап шығыўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған шахс есапланады.

Аккредитация етилген сырт елли бақлаўшылардың дизими Орайлық сайлаў комиссиясының (ОСК) рәсмий веб-сайтында жәрияланады. ОСКда аккредитация етилген сырт ел бақлаўшысына мандат бериледи.  Мандат сырт ел бақлаўшысының сайлаўға  таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде өз жумысын әмелге асырыў ушын тийкар болады ҳәм өз ўәкиллиги шеңберинде ҳәрекет етиўи тийис.

Бақлаўшылар сайлаў комиссияларының мәжлислеринде қатнасыў, сайлаў участкасында болыў, таярлық жумысларының барысын, жасырын даўыс бериў кабиналарының ямаса бөлмелериниң жайластырылыўын ҳәм сайлаў қутыларының мөрлениўин, пуқаралардың дизимге алыныўын, сайлаў бюллетенлериниң оларға берилиўин бақлаўға ҳақылы.

Усы жерде бақлаўшыларға сайлаў процесинде қадаған етилген ҳәрекетлерге де тоқтап өтсек. Бақлаўшылар сайлаўшының сайлаў бюллетенине өз белгисин қойып атырған ўақытта жасырын даўыс бериў кабинасында ямаса ханасында болыўы, пуқараларға тәсир өткериўи, қандай да бир үгит-нәсиятлаўшы материалларды ямаса әдебиятларды тарқатыўы, сайлаў комиссияларының жумысына, соның менен бирге сайлаў қутыларын мөрлеў, оларды ашыў, даўысларды санап шығыў процесине араласыўы, қандай да бир партия ямаса талабанға тийисли нызамлы түрдеги  белгилерди тағып ямаса алып жүриўи қадаған етиледи.

Сырт елли бақлаўшылардың ўәкиллик мүддети оларға мандат берилген күннен басланады ҳәм сайлаў жуўмақлары рәсмий жәрияланған күни тамамланады. Олар Өзбекстан Республикасы аймағында болған ўақтында Өзбекстан Республикасы қорғаўында болады ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқық ҳәм еркинликлери тәмийинленеди.

 

Алишер Атажанов,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң

биринши орынбасары.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.