USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

САЙЛАЎШЫЛАРДЫҢ САЙЛАЎ ҲУҚЫҚЫ

                     Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

 Ҳәммемизге белгили, усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди. Быйылғы сайлаў «Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаўлар!» сүрени астында өткериледи ҳәм өткен сайлаўларға қарағанда бир қанша өзгешеликлерге ийе.

Атап айтқанда, Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи, 150 аймақлық сайлаў округлериниң, сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизиминиң дүзилиўи, сондай-ақ, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкаларының шөлкемлестирилиўи, усылар қатарына киреди.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 10-статьясына муўапық, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкаларының дүзилиўи мүмкинлиги белгилеп қойылған ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен «Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкаларын шөлкемлестириў тәртиби ҳақкында»ғы реже тастыйықланды. Бул реже менен қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкасын дүзиў, участкалық сайлаў комиссияларын қәлиплестириў ҳәм даўыс бериўди шөлкемлестириў тәртиби белгиленеди.

Бунда қамақта сақлаў орынларында услап турылған ҳәм қамаққа алынған, сондай-ақ, социаллық қәўпи үлкен болмаған және онша аўыр болмаған жынаят ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар даўыс бериў ҳуқықына ийе екенлиги көрсетип өтилген. Аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды.

Сайлаў участкалары, әдетте, кеминде жигирма ҳәм көби менен үш мың сайлаўшыдан аспаған ҳалда дүзиледи. Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары сайлаўға кеминде алпыс күн қалғанында, айырым жағдайларда болса, сайлаўға кеминде жети күн қалғанда дүзиледи. Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынлары басшыларының усынысына тийкарланып, сайлаў участкалары округлик сайлаў комиссиясының қарары менен дүзиледи. Бул сайлаў участкалары олар жайласқан аймақтағы сайлаў округлерине киреди.

Қамақта сақлаў орынларында услап турылған ҳәм қамаққа алынған, сондай-ақ, социаллық қәўпи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр болмаған жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларындағы сайлаўшылар дизимине киргизиледи. Бунда қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкалары бойынша сайлаўшылардың дизимлери усы мәкемелердиң басшылары тәрепинен усынылған мағлыўматлар тийкарында участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи.

Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында даўыс бериў ҳаққында айтып өтетуғын болсақ усы мәкемелердиң ишки тәртип-қағыйдалары, режими ҳәм олардың басқа да өзине сай өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда Сайлаў кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 23-июлдағы 924-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге сайлаў өткериўши участкалық сайлаў комиссияларының жумыс тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық шөлкемлестириледи.

Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларының ишки тәртип-қағыйдалары ҳәм режиминен келип шығып, сайлаўшылар даўыс бериў имаратына киши топарларға бөлинген ҳалда алып келинеди.

Сайлаў участкасы дүзилмеген мәнзил-колонияларына бириктирилген участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўшыларға турған орнынан даўыс бериў шөлкемлестириледи.

Бириктирилген участкалық сайлаў комиссиясы усы сайлаўшыларды сайлаўшылар дизими қосымшасына киргизеди. Даўыс бериў имаратына келгеннен соң сайлаўшылар дизимге қол қояды. Соннан кейин оған сайлаў бюллетени бериледи.

Сайлаў бюллетени сайлаўшы тәрепинен жасырын даўыс бериў кабинасы ямаса бөлмесинде толтырылады. Сайлаў бюллетенин толтырыў ўақтында сайлаўшыдан басқа шахслардың болыўы қадаған етиледи.

Сайлаўшы өзи жақлап даўыс берип атырған талабанның фамилиясы тусына, оң тәрепте жайласқан бос квадратқа «+» яки «˅» ямаса «х» белгисин қояды. Сайлаўшы толтырылған сайлаў бюллетенин сайлаў қутысына таслайды.

Қамақта сақлаў ҳам еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларында участкалық сайлаў комиссиясы, егер дизимге киргизилген барлық пуқаралар даўыс берип болған болса, қәлеген ўақытта даўыс бериў тамамланғанлығын жәриялаўы мүмкин.

Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларында сайлаў қутыларын саат 20:00 ден алдын ашыў ҳәм даўысларды санап шығыўға жол қойылмайды.

Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген участкалық сайлаў комиссиялары Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы жуўмақлары шығарылғаннан соң, тийисли сайлаў округлеринен сайланған Нызамшылық палатасы депутатлары Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен, жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатлар ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғанан кейин өз жумысын тамамлайтуғынлығы белгилеп қойылды.

Жуўмақ орнында соны айтып өтиўимиз керек, болып өтетуғын сайлаўларда ҳәр бир пуқараның даўысы үлкен әҳмийетке ийе ҳәм биз даўыс берип атырған ўәкилимиз мәмлекеттиң раўажланыўы ушын мүнәсип хызмет ететуғынлығына исеним билдиремиз.

 

Э.Турсунов,

Қарақалпақстан Республикасы

Әдиллик министриниң орынбасары  .

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.