Соңғы ўақытларда социаллық тармақларда мобиль байланыс пайдаланыўшыларына намәлим номерлерден қоңыраў етилип, соң байланыс үзип қойылып атырғаны, бул телефон арқалы алдаўшылықтың жаңа түри екенлиги ҳаққындағы хабарлар тарқалып кетти. Бул төмендегише көринисте болған: пайдаланыўшыға намәлим номерден қоңыраў келеди, 2 секундтан соң болса байланыс үзилип қойылады. «АиФ.ru» басылымы мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша қәниге Александр Баранов пенен буны ким, қандай мақсетте әмелге асырып атырғанын және бундай жағдайда өзин қалайынша қорғаў мүмкинлиги ҳаққында сәўбетлести, деп жазады Kun.uz.

 

Не себептен намәлим номерлерден қоңыраўлар келмекте?

 

Мәлим болыўынша, буны алдаўшылар әмелге асырып, олар абонент өткерип жиберилген (қабыл етилмеген) қоңыраўды көрип, сол номерге өзи қайта қоңыраў етиўди мақсет еткен. Барановтың атап өтиўинше, бундай алдаўшы фирмалар байланыс операторлары менен келисим дүзип, оның шәртлерине муўапық алдаўшылардың номерлерине келип түсетуғын ҳәр қандай қоңыраў пуллы болады. Яғный, егер абонент қайта қоңыраў етсе, оның есабынан белгили бир сумма шешип алынады. Бундай фирмалар абонентлердиң номерлерин ашық дәреклерден ямаса абонент базасын сатып алыў арқалы алыўы мүмкин.

 

Алдаўшылардан қалай қорғаныў мүмкин?

 

Контактлериңизге кирмейтуғын бундай номерлерге қоңыраў етпеў керек. Егер бул алдаўшылар емес, зәрүрлик бойынша басқа бир адам қоңыраў еткен болса, ол әлбетте қайтадан қоңыраў етеди. Егер сиз алдаўшылар қоңыраў еткенинен гүманлансаңыз, номерди интернеттен излеп, ол ҳаққында мәлимлеме алыўыңыз мүмкин. Сондай-ақ, сол номерди «қара дизим»ге киргизип қойыўыңыз мүмкин, бирақ бул оншелли нәтийжели жол емес, себеби алдаўшылар өз номерлерин турақлы түрде өзгертип турады.

 

Егер пул шешип алынған болса, оны қайтарыў мүмкин бе?

 

Қәнигениң пикиринше, теориялық жақтан пулларын қайтарыў мүмкин, бирақ буны әмелге асырыў қурамалы ҳәм белгили қәрежетти талап ететуғын процесс есапланады, себеби, бунда абоненттиң өзи қайта қоңыраў еткен.

 

«Алдаўшы фирма қоңыраў еткенин дәлиллеў оғада қыйын болады. Әдетте, олар ҳуқықый тәрептен жақсы қорғалған. Әлбетте, алдына мақсет қойып, толық түрдеги суд процеси өткерилсе, онда пуллар қайтарылыўына ерисиў мүмкин, бирақ буны ҳәр ким де қәлей бермейди. Бул қурамалы техникалық экспертизаны талап ететуғын суд процеси болып, көп пулға айланады», – деп түсиндирген қәниге.

 

Аўдарма: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.