Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўге ҳәм оны раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын бир топар жерлеслеримиз Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы қарсаңында Президентимиздиң пәрманлары менен ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар, сондай-ақ. республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўына өзлериниң мүнәсип үлесин қосып киятырған бир қатар мийнет алдыңғылары Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары менен ҳүрметли атақлар менен сыйлықланған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязов жыйналғанларды ең уллы, ең әзиз байрамымыз, елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң республикамызға болған айрықша итибары және ғамқорлығының нәжийжесинде  Нөкис қаласында, барлық районларда кең көлемли қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Әсиресе, бүгинги күни Мойнақ районында әмелге асырылып атырған жойбарлар, шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районының ашылыўы  халқымызға айрықша қуўаныш бағышламақта.

Илажда мәмлекетлик сыйлықлар – ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар өз ийелерине   салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис филиалы 1-реанимация бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Республикасына мийнети синген денсаўлықты сақлаў хызметкери  Ким Виталий Яковлевич, Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң орынбасары – ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, 88 дәрежели «Соғлом авлод учун» ордениниң ийеси Марям Ахмедова, Қараөзек районындағы «Строй Вектор» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Қутлымурат Панаев, мийнет ветераны, «Дўстлик» ордениниң ийеси Васякина Ирина Михайловна,  Нөкис қәнигестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы,  Қарақалпақстан Республикасы халық артисти,  Гүлнара Мунтеева,  Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Шымбай районы Кеңеси баслығының биринши орынбасары, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген мәденият хызметкери Бахытлыбай Абдуллаев. Шоманай районлық медицина бирлеспеси баслығының орынбасары, көп тармақлы орайлық поликлиникасы баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген денсаўлықты сақлаў хызметкери Сатгелди Адакаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.