Нызамшылыққа муўапық, жасы 100 ге толған ҳәм оннан өткен пуқаралардың пенсиясына 2015-жылдың 1-майынан баслап, ҳәр айда қосымша төлем төлеў белгиленген болып, ҳәзирги ўақытта бул төлем муғдары 223 мың сумды қурайды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

 

Бунда:

* 100 жасқа толатуғын пуқаралардың пенсиясына қосымша төлем пуқара 100 жасқа толған айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап ҳәр айда арза усынылмастан қосып төленеди;

* қосымша төлемди төлеў пенсияға үстеме ҳақылардың саны ҳәм муғдарларына қарамастан әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.