Жерге қарай бес бирдей астероид жақынласып келмекте. Олардың төртеўиниң Жер менен соқлығысыў қәўпи жоқары. Илимпазлар усы күнге шекем оларды анықлап, барлығы бақлап келмекте. Олардың қәлегени Жерге жетип келиўи мүмкинлиги айтылмақта.

 

Хош, олар қайсы астероидлар?

 

1979 ХВ

1979 ХВ деп аталатуғын диаметри 900 метрди қурайтуғын астероид саатына 70 000 километрди басып өтип, Қуяш системасының ортасынан келмекте. Аспан денеси ҳәр секундта Жерге 30 километрге жақынлаўды даўам етпекте. Бул астероид ең қәўипли аспан денелериниң бири болып табылады. Қәнигелердиң айтыўынша, 1979 ХВ астероиды ҳәзирги бағытын сәл өзгертсе, Жерге қәлеген ўақытта түсиўи мүмкин. Бул аспан денеси 2024-жылы Жерге жақын келеди, деп болжанбақта.

 

2010 RF12

Ҳәзирги ўақытта бул астероид Жерден 215 миллион километр қашықлықта ҳәрекетленбекте. Тезлиги саатына 117 935 километрди қурайды. Диаметри 7 метр, салмағы 500 тонна болған бул аспан денеси Жерге үлкен қәўип туўдырмайды. Болжаўларға қарағанда, 2010 RF12 астероиды алдағы бир әсирде Жерге шекем жетип келмейди. Бирақ, 2022-жыл 13-август күни бул астероид Жерге жақын аралықтан ушып өтеди.

 

2000 SG344

2000 SG344 – Атон астероиды деп аталатуғын аспан денелери топарының бир бөлеги болып табылады. Ири таслардан ибарат бул топар 30-40 жылдан соң Жердеги тиришиликке қәўип салыўы мүмкин. Космоста саатына 112 000 километр тезлик пенен ушып жүрген астероид Қуяшты 353 суткада айланып өтетуғыны анықланған.

 

2019 PDC

2019-жыл март айында астрономлар Жерден 57 миллион километр узақлықта диаметри 300 метрлик астероидты анықлады. 2019 PDC астероидының мәнзили – Жер. Ўақты – 2027-жыл 29-апрель. Заманагөй техникалар жәрдеминде бундай қәўипли астероидты Жерге жетпей турып 8 жыл алдын анықлаўға болады.

Астероид Жер атмосферасына саатына 70 000 километр тезлик пенен келип, Нью-Йорктағы Орайлық дем алыў бағының үстинде 15 километр бийикликте жарылады. Қуўатлылығы Хиросимаға тасланған бомбадан мың есеге күшли. Нью-Йорктың 15 километрлик әтирапы жер бетинен жоқ болып кетиўи мүмкин.

 

Апофис

2004-жылы диаметри 340 метр болған 99942 Apophis астероиды анықланды. «NASA»ның мәлим етиўинше, әййемги Египеттиң жаўыз қудайының атына қойылған аспан денеси 2029-жылы 13-апрель күни Жерге 32 000 километр аралықтан ушып өтеди. Дәслепки ўақытларда Жерге соқлығысыўы мүмкин деп болжанған Апофис астероидының Жерге қулаў итималлылығы – миллионнан бирге тең. 340 метрлик Апофис илимпазлардың нәзерине 2004-жылы түсти. Сол жыллары есаплаўларға қарағанда, астероидтың Жер менен соқлығысыў итималлылығы 2,7 процентти қурап, аспан денеси планетамызға 2029-жылы жақынласып келеди, деп болжанған. Бирақ, кейин ала илимпазлар пикирин өзгертип, бул ўақыт 2036-жыл деп болжады. Ал ҳәзирги ўақытта болса астероидтың Жерге соқлығысыў итималлылығы дерлик жоқ екенлигин айтпақта.

 

Космос кеңислигин изертлейтуғын заманагөй қурылмалардың күн сайын раўажланып атырғанына қарамастан астрономлардың нәзеринен шетте қалып атырған аспан денелери де баршылық. Мәселен, 29-июнь күни Жерге қарай бағдар алған ири астероидты астрономлар ең соңғы минутларға шекем бақламаған. Илимпазлар диаметри 4 метрди қурайтуғын астероидты Жердиң атмосферасына кирген ўақытта ғана билген. Аўыр салмақлы аспан денеси Жер бетине жетпей атмосферада толық жанып кеткен еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.