Паспорт урланған жағдайда пуқара арза жазып, жынаят жүз берген орындағы ямаса пуқараның жасаў орнындағы ишки ислер уйымына мүрәжат етеди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» хабар берди.

Усындай арза қабыл етилгени ҳаққында пуқараға мағлыўматнама бериледи ҳәм ол ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайды.

Жазаны атқарыў мәкемесинде жазаны атқарып шыққан ҳәм тәбийғый апатшылықлар ақыбетинде паспорты жойталғаны ҳаққындағы арза менен мүрәжат еткен және усы жағдайларды тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер усыныс еткен пуқаралар да ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.