Президент мектеплери басқа мектеплер ушын үлги болыўы, билимлендириў орталығын өзгертиўи керек. Бул ҳаққында мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласында қурылып атырған Президент мектеби менен танысыў ўақтында айтып өтти, деп жазады Президент баспасөз хызмети.

Шавкат Мирзиёев Президент мектеплерин шөлкемлестириў басламасын өткен жылы Нөкис қаласында жәриялаған, буны Қарақалпақстаннан баслаўды усыныс еткен еди.

Усы жылдың 20-февраль күни бул бойынша Президент қарары қабыл етилди.

Нөкис қаласында да усы мектеп қурылысы жедел алып барылмақта. Кембридж университети менен биргеликте Имтихан кеңеси тәрепинен өткерилген қабыллаў процеслеринде ең билимге қуштар балалар сайлап алынды.

Шавкат Мирзиёев мектептиң имараты да, ағартыўшылығы да жақсы болыўы кереклигин, сол себепли оны асықпай, сапалы етип қурып, Конституция байрамында пайдаланыўға тапсырыў кереклигин атап өтти. Оған шекем оқыўшылар басқа имаратта оқып турады.

Мектепте сабақлар сырт елли қәнигелер менен биргеликте ислеп шығылған оқыў жобасы ҳәм «STEAM» бағдарламасы тийкарында инглис тилинде алып барылады. Математика, физика, химия, биология ҳәм мәлимлеме технологиялары және шет тиллери алдынғы билимлендириў методикалары тийкарында терең үйретиледи.

Мәмлекетимиз басшысы усы билим дәргайы ушын педагоглар қандай сайлап алынып атырғаны менен қызықты.

– Бул мектеплердиң муғаллими де, оқыўшысы да ең үлгили болыўы керек, – деди Президент. – Терең билим менен бирге руўхыйлық, ўатан сүйиўшилик сезими де сиңдирилиўи керек. Бул жерге билимли балалар келиўи ушын ҳәр бир районда базалық бақша ҳәм мектеплер қәлиплесиўи керек. Сонда улыўма билим, дәреже, билимлендириў орталығы өзгереди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги