Бүгин, 19-август күни Беруний районында Президенттиң 5 әҳмийетли басламасы шеңберинде «Санлы технологиялар оқыў орайы» ашылды. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.
Илажға ӨзР Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Шуҳрат Содиқов, Беруний районы ҳәкими Отабек Сафаров, сондай-ақ, жәмийетшилик ўәкиллери, халық билимлендириў басқармаларының жуўапкерлери, мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўы кәрхана, шөлкем ҳәм компанияларының ўәкиллери және оқыўшы жаслар қатнасты.
Бул орай жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, олардың заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдалана алыў көнликпелерин арттырыўға жәрдем береди. Орай компьютерлер ҳәм зәрүрли үскенелер, Wi-Fi аймағы менен тәмийинленип, ендиликте бул жерде район жасларына мәлимлеме технологиялары, бағдарламалаў, робототехника, киберспорт тийкарлары ҳәм электрон коммерция сыяқлы бағдарларда билим ҳәм көнликпелер бериледи.
ИКТ министриниң атап өтиўинше, Өзбекстан бойлап 188 усындай орай шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстанға сапар даўамында улыўма төрт орайдың ашылыўы жобаластырылған. Дәслепкиси Беруний районында шөлкемлестирилген болса, кейингилери Нөкис, Мойнақ ҳәм Қанлыкөлде ашылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги